Get Mystery Box with random crypto!

Кешки ҳәм сыртқы тәлимде оқып атырғанларға қосымша дем алыс ҳә | XALÍQ USHÍN ⚖️

Кешки ҳәм сыртқы тәлимде оқып атырғанларға қосымша дем алыс ҳәм пуллы компенсация бериледи

Мийнет кодексиниң
385-статьясына муўапық, жоқары оқыў орынларында (ЖОО), техникум ямаса колледжлерде кешки ямаса сыртқы тәлимде оқып атырған жумыс ислеўши студентлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасыў ушын төмендеги мүддетлерде оқыў дем алыслары бериледи:

ЖООда кешки тәлимде оқып атырған 1-2-курс студентлерине – кеминде 20 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 10 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 30 күн;

ЖООда кешки тәлимде 3-4-курста ямаса оннан жоқары курсларда оқыўшыларғакеминде 30 күн, техникум ямаса колледжде оқыўшыларға – кеминде 20 күн, ЖОО, техникум ямаса колледжде сыртқы тәлимде оқыўшыларға – кеминде 40 күн.

Бунда:

дем алыс дәўири ушын орташа айлық ис ҳақы сақланады;

сессия ўақтында оқыў орнына барып келиўи ушын ҳәм мәмлекетлик аттестациядан өтиў ўақтында бир мәрте жол ҳақысының кеминде ярымын қаплап бериледи.

Хызметкер бундай оқыў дем алысынан пайдаланған жағдайда да тийкарғы мийнет дем алысынан ҳеш қандай тосқынлықсыз пайдаланады.

Бул қосымша дем алыс ҳәм компенсация хызметкер биринши мәрте сол дәрежедеги (жоқары яки орта арнаўлы) мағлыўматты алыў ушын оқып атырган болса бериледи. Яғный, хызметкердиң жоқары яки орта арнаўлы мағлыуматы болмаса ҳәм сондай мағлыуматты алыў ушын оқып атырған болса, жоқарыдағы жеңилликлерден пайдаланыўы мүмкин.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin