Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда бизнес пенен шуғылланыў ушын басқа ҳеш бир ай | Joqarǵi keńes.uz

Қарақалпақстанда бизнес пенен шуғылланыў ушын басқа ҳеш бир аймаққа берилмеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилди.

Атап айтқанда тартымлы бизнес орталығын ҳәм аймақ турғынларына қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде пайда, айланбадан алынатуғын салық, жер ҳәм мал-мүлк салықлары 2 есеге кемейтилди, социаллық салық 1 пайыз етип белгиленди. Нәтийжеде 500 миллиард сум қаржы исбилерменлер ықтыярында қалды.

Бул жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде соңғы еки жылда Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға байланыслы 7 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Усы мақсетлер ушын 400 миллион АҚШ доллары ҳәм 250 миллиард сум қаржы ажыратылды.


Экономика тармақлары ҳәм ўәлаятлар менен биргеликте Аралбойының қала ҳәм районларында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар көрип шығылып, 2024-жылға мөлшерленген ўазыйпалар додаланды.

Қорақалпоғистонда бизнес юритиш учун бошқа ҳеч бир ҳудудга берилмаган имтиёзу имкониятлар тақдим этилган.

Хусусан, жозибадор бизнес муҳити ва ҳудуд аҳолисига қўшимча қулайлик яратиш мақсадида фойда, айланмадан солиқ, ер ва мол-мулк солиқлари 2 баравар пасайтирилган, ижтимоий солиқ 1 фоиз қилиб белгиланган. Натижада тадбиркорлар ихтиёрида йилига 500 миллиард сўм қолмоқда.

Бу ишларни янги босқичга кўтариш мақсадида сўнгги икки йилда Қорақалпоғистонда саноат, қишлоқ хўжалиги ва тадбиркорликни ривожлантириш, маҳаллалар инфратузилмасини яхшилашга доир 7 та фармон ва қарор қабул қилинди.

Бу мақсадлар учун 400 миллион АҚШ доллари ва 250 миллиард сўм ажратилди.


Иқтисодиёт тармоқлари ва вилоятлар билан ҳамкорликда Оролбўйининг шаҳар ва туманларида кўплаб лойиҳалар амалга оширилмоқда.

Йиғилишда 2023 йилда қилинган ишлар кўриб чиқилиб, 2024 йилга мўлжалланган вазифалар муҳокама қилинди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter