Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары! Қәдирли Ўатанласлар! Сизлерди, с | Joqarǵi keńes.uz

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Қәдирли Ўатанласлар!


Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршени дөретиўшилик ислерге руўхландыратуғын бийбаҳа байлығымыз – бул елимиздиӊ тынышлығы, миллетлер аралық дослық ҳəм халқымыздың абадан турмысы болып табылады.

Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған Ана-Ўатанымызды қәстерлеп-сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеўде сиз пидайы инсанлардың мийнетлериңиз айрықша.

Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай таяныш болып турған уллы руўхый күшти көремиз.

Әскерий тараўды раўажландырыў, оның күш-қудиретин арттырыў бағдарындағы жумыслар, халқымыз тынышлығын қорғаўдағы ийгиликли ислер "Халық пенен армия - бир пүтин" деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!


Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен қутлықлап, елимиз абадан, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter