Get Mystery Box with random crypto!

Халық ийгилиги жолында Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халқы ушын ж | Joqarǵi keńes.uz

Халық ийгилиги жолында

Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халқы ушын жыллар даўамында арзыў болып келген заманагөй көпир қурылысы Президентимиздиӊ 2020-жыл 13-декабрь күни Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўында билдирген усынысы менен басланған еди.

Пүткил мәмлекетимиз ушын әҳмийетли есапланған Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гурлан районлары арқалы Шовот районы менен байланыстырыўшы темир жол узынлығы 85 км.ди қурайды.

Ең жақын автомобиль ҳәм темир жолға ийе, узынлығы 423, бийиклиги 11,5 кеӊлиги 8 метр болған усы көпир күнине 12 мың автомобиль ҳәм 24 жуп поезд өткериў имканиятына ийе.

Жаңа көпир ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы сезилерли дәрежеде қысқарды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter