Get Mystery Box with random crypto!

Барлық асығыс хызметлер жалғанған «112» диспетчерлик хызмети ш | KRuz.uz |Рәсмий канал

Барлық асығыс хызметлер жалғанған «112» диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи

Ҳәдийсе ҳәм айрықша жағдайлар жүз бергенде қыстаўлы жәрдем көрсетиў ушын "112" қысқа номер арқалы пуқаралардың шақырыўларын қабыллаў ҳәм автоматластырылған түрде қайта ислеў имканын бериўши бирден-бир диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи.

Бул хызмет Ишки ислер, Айырықша жағдайлар, Денсаўлықты сақлаў, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм "Худудгазтәмийнат" АЖ хызметлери мағлыўматларын узатыўдың бирден-бир тармағына бирлестирилген.

Қарарға бола, Қарақалпақстанда бул хызмет 2024-жылдың ақырына шекем иске түсириледи.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар