Get Mystery Box with random crypto!

Оқыўшылар мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпесе қандай ш | KRuz.uz |Рәсмий канал

Оқыўшылар мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпесе қандай шара қолланылады?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар,  оқыўшылардың мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпеўи билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртип-қағыйдаларын бузыў деп баҳаланады ҳәм бундай оқыўшыларға төмендеги шаралар қолланылыўы мүмкин:

ескертиў;
күнделик дәптерине жазып жибериў;
түсиндириў жумысларын алып барыў ушын ата-анасына хабар бериў;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлери ҳәм билимлендириў мәкемесиндеги жыйналысларда ата-аналар қатнасыўында додалаў.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар