Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин «Табыслы реформалар — жоқары нəтийжелер» халықаралық кон | KRuz.uz |Рәсмий канал

Бүгин «Табыслы реформалар — жоқары нəтийжелер» халықаралық конференциясы болып өтти. Конференция қатнасыўшылары билимлендириў сапасы, бул тараўда бар болған тенденциялар бойынша өз пикирлери менен бөлести.

Билимлендириў сапасын жақсылаў — мəмлекетлик сиясаттың, алып барылып атырған реформалардың ең әҳмийетли бағдарларынан бири.

Педагоглар жəмийетте ең әҳмийетли орын тутқан кəсип ийелери болып есапланады. Инсанды тəрбиялап, əтираптағыларға, мəдениятқа, ўатанға мүнәсибетимизди қəлиплестиретуғын тийкарынан усылар. Егер мəмлекетти бир терек деп алсақ, оқытыўшыларды оның тамырына теңеў мүмкин.

Исенимим кəмил, теректиң тамыры терең, қуўатлы болмайды екен, көкке бой соза алмайды, гүллеп-жаснамайды, мийўе бермейди.

Сол себепли де Өзбекстан билимлендириў системасын жетилистириўге усыншама үлкен итибар қаратып, педагогларымызды халықаралық бағдарламаларда қатнасыўға, дүньяның ең алдыңғы тəжирийбелерин әмелде қоллаўға үндеп атыр.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар