Get Mystery Box with random crypto!

2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланды | KRuz.uz |Рәсмий канал

2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланды

2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

Абитуриентларни онлайн дизимге алыў my.uzbmb.uz сайтының «Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылып атыр.

Дизимге алыў 2024-жыл 5-июннан 25-июньға шекем (сол күни де) даўам етеди.

Жоқарыдағы видеоқолланба арқалы дизимнен өтиў бойынша толық мағлыўматқа ийе болыў мүмкин.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар