Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады 2024- | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады

2024-жыл 15-май күни саат 20:40 та Ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий медицина орайының Реанимация бөлимине 1990-жылы туўылған пуқара М.Ю биринши ҳәмиледарлығы менен жатқызылған. Мәлим болыўынша, ол сол имараттың 3-қабат айнасынан өзин таслап жибереди ҳәм орта дәрежедеги дене жарақатларын алады.

Нөкис қаласы тез медициналық жәрдем орайына көширилген наўқас бойынша жумысшы топар жағдайды үйренгенде, Қашқадәрьяда туўылған бул пуқара бурын нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған.

Жағдай шеңберинен бир қатар хызметкерлерге интизамый шара көрилип, ҳәзирде ана ҳәм баланың саламатлығы турақлы шыпакерлер қадағалаўында екени, ҳеш қандай қәўип жоқлығы мәлим етилди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар