Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда автомобиль жолына зыян жеткенлиги себепли айл | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстанда автомобиль жолына зыян жеткенлиги себепли айланба жол шөлкемлестирилди

Республика бойлап бир неше күннен берли жаўып атырған жаўын-шашын автомобиль жолының мәлим бир бөлимине өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип, тәбийғый апат жағдайын жүзеге келтирди.

Бул  жағдай А380 автомобиль жолының 665-километринде жүз берген еди. Ҳәзирги ўақытта автомобиль жолындағы ҳәрекетти қайта тиклеў мәқсетинде барлық илажлар алып барылмақта, сондай-ақ, автотранспортлардың ўақытша ҳәрекетлениўи ушын айланба жол шөлкемлестирилди.

Қысқа ўақыт ишинде жүзеге келген жағдай толығы менен сапластырылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар