Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.73K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 12

2024-05-18 08:10:14
#Хабарландырыў

Электр энергиясы, газ ҳәм суў тармақларындағы машқалаларды сапластырыў бойынша штаб дүзилди

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәлим етиўинше, жаўын-шашынлы ҳаўа райы бақланып атырғанлығы ҳәм электр тармақларында авариялық үзилислер болыўына байланыслы телекоммуникация хызметлери сапасы да төменлеўи ямаса үзилислер болыўы мүмкин.

Егер газ, электр ҳәм суў тармақларында айрықша жағдайлар жүзеге келсе Министрлер Кеңесинде дүзилген Оператив штабтың  +99861-222-48-49, +99861-222-48-41 номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11.1K views05:10
Ochish/sharhlash
2024-05-18 07:19:26
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Айрықша жағдайлар басқармасы менен бирге қала турғынларының үйи алдында топланған суўларды сапластырмақта.

Саат 01:52

Респект

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.0K views04:19
Ochish/sharhlash
2024-05-17 17:18:19
«Арал» «Дўстлик» командасын 3:1 есабында жеңди

Пролиганың 8-тур ойынлары шеңберинде болып өткен ушырасыўда «Арал» «Дўстлик» командасын 3:1 есабында жеңди.

Жоқарыдағы видеоларда Саламат Қутыбаев, Шаҳзод Туропов ҳәм Норхон Шериповлар тәрепинен урылған голлар сәўлеленген.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.7K views14:18
Ochish/sharhlash
2024-05-17 14:24:13
Нызамға қайшы түрде жерге ийелик етип болмайды

Халық санының артыўы көбейиўи үй-жайға болған талабының артыўына себеп болады.

Бул болса өз гезегинде жер майданларын өзлестириў, оннан имарат қурыў ямаса егислик сыпатында пайдаланыўға алып келеди.

Бүгинги күнде Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2024-жыл басынан усы күнге шекем 1 008 жағдайда 128,6 гектар өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.

соннан;
573 жағдай 87,1 гектар ықтиярий сапластырылды.

Суд органларына 156 жағдай 5,6 гектар бойынша даўа арзалары жиберилди.

Прокуратура органларына 13 жағдай 0.3 гектар жиберилди.

Қалған 279 жағдайды сапластырыў илажлары көрилмекте.

Ҳәзирде айырым пуқараларымыз тәрепинен “қурылысы бар болса рухсат бериледи екен” деп бос жерге тезирек имарат қурыў жағдайлары гүзетилип атыр.

Ҳүрметли пуқаралар!!!
Ескертип айтыўымыз керек, нызам жойбарында 2018-жыл 1-майға шекем қурылған объектлер көрип шығылады деп көрсетилген.
Егерде қурылма өзбасымшалық пенен белгиленген ўақыттан кейин қурылған болса, бундай имаратлар белгиленген тәртипте сапластырылады ҳәм ҳәкимшилик және жынайий жуўапкершиликке себеп болады.

Сол себепли, пуқараларымыздан өзбасымшалық пенен жерлерди ийелемеўин ҳәм оған имарат қурмаўын сорап қаламыз.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K viewsedited  11:24
Ochish/sharhlash
2024-05-17 14:10:43


Bu kimning sovg‘alari? Balki siznikidir?

O‘yinning ikkinchi to‘lqini boshlandi, unda barcha qimmatbaho sovg‘alar egasi bo‘lishi mumkin!

Birinchi bosqichdagi barcha chiptalar keyingi bosqichga o‘tadi.

Buning uchun nima qilish kerak?
1. Payme orqali 100 000 so‘mdan ortiq pul o‘tkazing. Har 100 000 so‘m uchun siz bitta oltin chipta olasiz.
2. Pul o‘tkazmalari qancha ko‘p bo‘lsa, g‘alaba qozonish imkoniyati shunchalik yuqori bo‘ladi!


3-bosqich yakuni ya’ni iyul oyida barcha chiptalar bosh sovrin - BYD avtomobili o‘yinida ishtirok etadi! Ehtimol, bu sizning bo‘lajak mukofotingizdir!

Imkoniyatingizni qo‘ldan boy bermang! Payme orqali pul o‘tkazing va sovrinlar yutib oling!
8.9K views11:10
Ochish/sharhlash
2024-05-17 13:32:32
Ипотека кредити ушын субсидия алыўға арзаларды қалай жибериў мүмкин?

15-майдан субсидия алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды. Хызметтен Бирден-бир портал арқалы бийпул ҳәм ҳешқандай ҳүжжетлерсиз пайдаланыўға болады.

Арзаларды жибериў бойынша жоқарыдағы видеоқолланба арқалы танысыўыңыз мүмкин.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K views10:32
Ochish/sharhlash
2024-05-17 06:37:46
ЖПХ инспекторы өзиниң дислокациясынан тыс жерде жумыс алып барыўы мүмкин бе?

ЖПХ инспекторы өзине бириктирилген аймақ дислокациясынан тыс жерде жумыс алып барыўы мүмкин емес.

Ол өзине бириктирилген дислокациядан тыс жерде рәсмийлестирген протоколы юридикалық күшке ийе болмайды ҳәм ҳуқықый ақыбетлер келтирип шығармайды.

Бирақ авариялық жағдай жүзеге келтириўи мүмкин болған қағыйдабузарлықлар анықланғанда, ЖПХ инспекторы дислокациясынан тыс жерде де ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол рәсмийлестириўи мүмкин.

Транспорт басқарыўшысы ЖПХ инспекторының дислокациясы ҳаққында мағлыўмат алыў ушын мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң сап бөлимине мүрәжат етиўи керек.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.5K views03:37
Ochish/sharhlash
2024-05-16 12:45:41
Абу-Дабиде қарақалпақша қосыққа ойынға түсилди

Социаллық тармақларда «Линда Дэнс» аты менен көпшиликке таныс болған хореограф, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Лида Сейтмуратова Бирлескен Араб Әмирлиги пайтахты Абу-Даби қаласында қарақалпақша қосыққа ойынға түсти. Мәлим болыўынша, ойын Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Индира Атағуллаева тәрепинен сахналастырылған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.9K views09:45
Ochish/sharhlash
2024-05-14 14:02:02
Шымбайда IT-қалаша шөлкемлестириледи

Бул IT-қалашада жаслар IT, шет тили ҳәм заманагөй кәсиплер бойынша бийпул оқытылады.

Соның менен бирге, Бирден-бир коммунал хызметлер платформасын енгизиў арқалы тутыныўшылар 8 коммунал шөлкем хызметлери ушын төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин. Онда 14 тен артық кеңселер мағлыўматларын бир жерге жыйнаў ҳәм автоматластырылған ҳалда бөлистириў имканияты жүзеге келеди.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5.2K views11:02
Ochish/sharhlash
2024-05-14 12:50:13
Пуқараларға күшли тәсир етиўши дәри сатқанлар анықланды

Мәлим болыўынша, “Н.Л.” ЖШЖ дәриханасы басшысы Г.Н. ҳәм “Р.П.Ҳ.” меншикли кәрханасы дәрихана сатыўшысы М.Т. пуқаралар Б.Е. ҳәм М.Т.ға 2 түрдеги күшли тәсир етиўши дәри өнимлерин жәми 2,8 млн сомға сатқан ўақтында қолға алынған. Оператив илаж Департаменттиң Нөкис ҳәм Қанлыкөл район бөлимлери тәрепинен өткерилген.

Ҳәзирде жоқарыдағы жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статясы менен жынаят иси қозғатылған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6.0K views09:50
Ochish/sharhlash