Get Mystery Box with random crypto!

'Сонғы қоңыраў'ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — | KRuz.uz |Рәсмий канал

"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр

Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты.

2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи.

Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар