Get Mystery Box with random crypto!

Пуқараларға күшли тәсир етиўши дәри сатқанлар анықланды Мәли | KRuz.uz |Рәсмий канал

Пуқараларға күшли тәсир етиўши дәри сатқанлар анықланды

Мәлим болыўынша, “Н.Л.” ЖШЖ дәриханасы басшысы Г.Н. ҳәм “Р.П.Ҳ.” меншикли кәрханасы дәрихана сатыўшысы М.Т. пуқаралар Б.Е. ҳәм М.Т.ға 2 түрдеги күшли тәсир етиўши дәри өнимлерин жәми 2,8 млн сомға сатқан ўақтында қолға алынған. Оператив илаж Департаменттиң Нөкис ҳәм Қанлыкөл район бөлимлери тәрепинен өткерилген.

Ҳәзирде жоқарыдағы жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статясы менен жынаят иси қозғатылған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар