Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанлы дзюдошы Шарофиддин Болтабоев Астанадағы белл | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстанлы дзюдошы Шарофиддин Болтабоев Астанадағы беллесиўде финалға шықты

Спорттың дзюдо түри бойынша Қазақстанның Астана қаласында болып өтип атырған «Үлкен дубылға» турниринде -81 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы жерлесимиз Шарофиддин Болтабоев ярым финалда япониялы Сотаро Фуживараны вазари баҳасы менен жеңип финалға шықты.

Шарофиддин Болтабоев бүгин кеште АЛТЫН медальды жеңип алыў ушын германиялы дзюдошы Тимо Кавелиус пенен беллесиўи күтилмекте.

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар