Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.73K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 327

2021-12-13 16:20:01
Беруний районында дүканнан 3 дана “Samsung” маркалы уялы телефонды ҳәм 15 млн сўм пулды урлаған шахс усланды

https://kruz.uz/kk/news/show/13946

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
8.8K views13:20
Ochish/sharhlash
2021-12-13 14:09:59
Исбилерменлер дыққатына!!!

Ҳүрметли исбилерменлер өз бизнесиӊизди раўажландырыў мақсетинде орнатқан реклама конструкцияларыӊызды нызамға муўапықластырып алыўыӊыз соралады.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша Автомобиль жоллары бойында 700 ден аслам нызамсыз орнатылған реклама объектлери (конструкциялары) бар екенлиги анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 01-07/7-12/390-санлы хаты менен Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлерине нызамсыз деп табылған реклама объектлери усы жылдыӊ 10-декабрь сәнесине шекем нызам ҳүжжетлерине муўапықластырып рәсмийлестирилиў кереклиги ескертилген еди.

Егер, өз ўақтында реклама объектлери нызам ҳүжжетлерине муўапықластырып рәсмийлестирилмеген болса белгиленген тәртипте бузылатуғынлығын ескертемиз.

Байланыс ушын: Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы, Хожели гузары 16-үй.
Телефон: 61-225-13-44, 90-709-40-00, 97-505-40-00

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.2K views11:09
Ochish/sharhlash
2021-12-13 12:42:13
Жаңа жылда барлық хызметкерлерге 5 күн дем алыс берилиўи мүмкин

Президент пәрманы жойбарына муўапық, 2022-жылда 3-январь – дүйшемби, 4-январь – сийшемби қосымша дем алыс күни деп белгилениўи күтилмекте.

Сонда хызметкерлер 31-декабрьден 4-январьға шекем дем алыўы мүмкин болады.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.9K views09:42
Ochish/sharhlash
2021-12-13 12:36:24
Дыққат! Сиз арзан ҳәм сапалы жалюзилерди излеп жүрсиз бе?

Онда “Aydin Awlad” жалюзилери сизге өз өнимлерин усынады.

Сиз бизде қәлеген түрдеги жалюзилерди табыўыңыз мүмкин.

Кәрханамыз 15-жыллық тәжирийбеге ийе ҳәм орнатылып берилген өним ушын 3 жылға кепиллик беремиз.

Өлшеў (УСТАНОВКА) бийпул.

Мәнзил: Төрткүл гүзары 48-үй "Айдын әўлад" дүканы.
Бағдар: 108-бурылма.

Мүрәжат ушын:
(+99890)7278008
(+99893)9209292
(+99861)2229119

Реклама
9.7K views09:36
Ochish/sharhlash
2021-12-13 11:08:06
#Бир_естелик_тарийхы

Қорғаншадан теңизге тийисли бақаншақлар таўылғаны распа?

https://kruz.uz/kk/news/show/13945

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.0K views08:08
Ochish/sharhlash
2021-12-13 09:52:50
28,4 млрд сўмлық мүсин жойбары бийкар етилди, пулдың бир бөлими "сақаўат ҳәм көмек" фондына бағдарланды

Ташкент ўәлаятының ҳәзирги ҳәким Зойир Мирзаев алдынғы ҳәким Даврон Ҳидоятовтың 28,4 млрд сўмға Зулфия Зокирова атына мүсин комплексин қурыў ҳәм 6 млрд сўмға Nurafshon Business City'де китапхана қурыў режесин бийкарлады.

Бул пуллар ўәлаят бюджетине қайта тикленди ҳәм ўәлаят "Сақаўат ҳәм көмек" фондына 1 млрд 650 млн сўм өткерип берилди.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.5K views06:52
Ochish/sharhlash
2021-12-13 08:27:00
#Статистика

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, Республикада 10 айда 773 дана автобус ислеп шығарылған ҳәм өткен жылға салыстырғанда 36,6% артқан.

Диаграммада олардың 2019-2021-жыллар аралығындағы улыўмалық саны көрсетилген.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.5K views05:27
Ochish/sharhlash
2021-12-13 08:05:48
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрине орынбасар тайынланды

Подполковник Утемуратов Азат Минажович Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары — ИИМ жанындағы тергеў басқармасы баслығы ўазыйпасын орынлаўшы етип тайынланды.

Тайынлаўға шекем А. Утемуратов Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы тергеў басқармасы баслығы орынбасары - тергеў бөлими баслығы лаўазымында искерлик жүргизген.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.5K views05:05
Ochish/sharhlash
2021-12-13 08:00:22
Мета компаниясы АҚШ ҳәм Канадада биринши метакосмосты ашты

Алдынғы Facebook, ҳәзирги Мета компаниясы Horizon Worlds метакосмосын иске қосты. Онда сиз өзиңиздиң 3D аватарыңызды жаратыўыңыз ҳәм виртуал дүньяға саяхат етиўиңиз мүмкин.

Буған кириў ушын сизге арнаўлы VP көз әйнек ҳәм қулақшынлар керек болады.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.0K views05:00
Ochish/sharhlash
2021-12-13 07:43:53
#Күн_тарийхы

13-декабрь қандай күн?

- Мальтада республика күни;

- АҚШта миллий гвардияның туўылған күни;

- Укараинада футбол Федерациясына тийкар салынды;

- АҚШта миллий скрипка күни;

- Россияда айыў күни;

- АҚШта какао күни;

- 1873-жылы рус жазыўшысы Валерий Брюсов дүньяға келген;

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.9K views04:43
Ochish/sharhlash