Get Mystery Box with random crypto!

ЖПХ инспекторы өзиниң дислокациясынан тыс жерде жумыс алып бар | KRuz.uz |Рәсмий канал

ЖПХ инспекторы өзиниң дислокациясынан тыс жерде жумыс алып барыўы мүмкин бе?

ЖПХ инспекторы өзине бириктирилген аймақ дислокациясынан тыс жерде жумыс алып барыўы мүмкин емес.

Ол өзине бириктирилген дислокациядан тыс жерде рәсмийлестирген протоколы юридикалық күшке ийе болмайды ҳәм ҳуқықый ақыбетлер келтирип шығармайды.

Бирақ авариялық жағдай жүзеге келтириўи мүмкин болған қағыйдабузарлықлар анықланғанда, ЖПХ инспекторы дислокациясынан тыс жерде де ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол рәсмийлестириўи мүмкин.

Транспорт басқарыўшысы ЖПХ инспекторының дислокациясы ҳаққында мағлыўмат алыў ушын мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң сап бөлимине мүрәжат етиўи керек.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар