2024-05-17 14:24:13
Нызамға қайшы түрде жерге ийелик етип болмайдыХалық санының артыўы көбейиўи үй-жайға болған талабының артыўына себеп болады.
Бул болса өз гезегинде жер майданларын өзлестириў, оннан имарат қурыў ямаса егислик сыпатында пайдаланыўға алып келеди.
Бүгинги күнде Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2024-жыл басынан усы күнге шекем 1 008 жағдайда 128,6 гектар өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.
соннан;
573 жағдай 87,1 гектар ықтиярий сапластырылды.
Суд органларына 156 жағдай 5,6 гектар бойынша даўа арзалары жиберилди.
Прокуратура органларына 13 жағдай 0.3 гектар жиберилди.
Қалған 279 жағдайды сапластырыў илажлары көрилмекте.
Ҳәзирде айырым пуқараларымыз тәрепинен “
қурылысы бар болса рухсат бериледи екен” деп бос жерге тезирек имарат қурыў жағдайлары гүзетилип атыр.
Ҳүрметли пуқаралар!!! Ескертип айтыўымыз керек, нызам жойбарында 2018-жыл 1-майға шекем қурылған объектлер көрип шығылады деп көрсетилген.
Егерде қурылма өзбасымшалық пенен белгиленген ўақыттан кейин қурылған болса, бундай имаратлар белгиленген тәртипте сапластырылады ҳәм ҳәкимшилик және жынайий жуўапкершиликке себеп болады.
Сол себепли, пуқараларымыздан өзбасымшалық пенен жерлерди ийелемеўин ҳәм оған имарат қурмаўын сорап қаламыз.
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.1K viewsedited 11:24