Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 4

2023-06-12 18:55:06
Шавкат Мирзиёев: Ҳәр бир инсанды разы етиў, инсан қәдирин уллы сиясатқа айландырыў бойынша Сизлер менен биз жүдә үлкен ислерди әмелге асырдық, бул да әдалатлы ҳақыйқат.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.3K views15:55
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:53:16
Президентликке кандидат Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда 2030-жылға шекем мөлшерленген жобалары ҳаққында тоқталып өтти

Атап айтқанда:

мәҳәлле ҳәм аўылларда 6 мың километр жоллар және 150 көпир оңланады;

 5 мың километр электр тармағы, 1 мың 350 трансформатор ҳәм 10 подстанция жаңаланады;

70 мың квартираға ийе 2 мың көп қабатлы үй пайдаланыўға тапсырылады;

 барлық социаллық ҳәм мәмлекетлик кеңселер, сондай-ақ, 17 мың квартирада 55 мега ватт қуўатлы қуяш панеллери орнатылады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.3K views15:53
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:50:55
Қарақалпақстандағы айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

ӨзР Салық кодексине киритилген өзгериске көре, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта искерликти әмелге асырып атырған исбилерменлер 2028-жыл 1-январьға шекем:

пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын белгиленген салық ставкаларына салыстырғанда 50%ке кемейтирилген салық ставкалары бойынша төлейди;

социаллық салықты 1% муғдарындағы салық ставкасы бойынша, ЖТИлер болса жылына БЕМның бир есеси (330 мың сом) муғдарында төлейди.

Егер салық төлеўши усы жеңилликлер менен бир қатарда бир ўақыттың өзинде басқа тийкарлар бойынша салық жеңилликлерине тийисли ҳуқыққа ийе болса, бундай салық төлеўши өз қәлеўине көре ең қолайлы салық жеңиллигин таңлаўға ҳақлы болады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.4K views15:50
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:43:22
“Мен тек Өзбекстан перзенти емес, Қарақалпақстанның да перзентимен” — Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.8K views15:43
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:41:19
“Биз келеси жети жылда қосымша 100 мың жаңа оқыўшы орнын жаратамыз. Бунда, 30 жаңа мектеп ҳәм 150 мектеп ушын қосымша имарат қурылады, 350 и оңланады.

Қәнигелескен мектеплер саны болса, 2 есе асырылып, 32 ге жеткизиледи. Нәтийжеде, Қарақалпақстандағы мектеплерде 30-35 тен артық бала оқыйтуғын класслар улыўма болмайды”, — дейди президентликке талабан Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.0K views15:41
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:37:04
Оқыўшылардың мектепке барып-келиўи ушын автобус қатнаўы биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылады

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда 160 жаңа бақша қурылатуғынын ҳәм оңланатуғынын, 2 мың бақша шөлкемлестирилетуғынын айтып өтти.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.9K views15:37
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:25:51
ӨзЛиДеПтен Өзбекстан президентлигине кандидат Шавкат Мирзиёевтың қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы басланды

Ушырасыўда кандидат сайлаўшыларды өзиниң сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырмақта.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.0K views15:25
Ochish/sharhlash
2023-06-12 17:20:28 Нөкис иси: Апелляция шағымын берген 28 шахстан бесеўи азат етилди, 16 судланыўшының жаза мүддети қысқартылды

Бүгин Жоқары судта 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласында әмелге асырылған ғалабалық тәртипсизликлерге тийисли жынаят иси бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының 2023-жыл 17-марттағы ҳүкми үстинен 28 судланыўшы ҳәм олардың қорғаўшылары тәрепинен берилген апелляция шағымларына тийкарланып усы жынаят исиниң бул шахсларға тийисли бөлегин апелляция тәртибинде көрип шығыў тамамланып, Жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының жуўмағы жәрияланды.

Усы жынаят иси Жоқары суд судьясы А.Абдикаримов басшылығында ҳәм судьялар У.Рўзиев ҳәм Д.Тожибоевтан ибарат суд қурамында көрип шығылды.

Жоқары судтың 2023-жыл 12-июньдағы ажырымына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының ҳүкми төмендегише өзгертирилди:

И.Полатов, П.Есенгельдиев, И.Аитмуратов, И.Сапаров, Р.Жумабаев ҳәм олардың қорғаўшылары тәрепинен берилген шағымлар толық қанаатландырылды.

Буған көре И.Полатовқа тайынланған 5 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына;

П.Есенгелдиев ҳәм И.Аитмуратовқа тайынланған 6 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына;

И.Сапаров ҳәм Р.Жумабаевқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына өзгертирилди.

Олардың қамақта сақланған ҳәр бир күни ӨзР Жынаят кодексиниң 62-статьясына тийкарланып азатлықты шеклеў жазасының бир күнине теңлестирилип, тайынланған жазадан шегирилип, барлығы суд залында қамақтан азат етилди.

Д.Надирбаев, А.Есемуратов, З.Пиржанов, Р.Досымбетов, Қ.Бахиев, Н.Бауетдинов, Р.Баимбетов, З.Таджимуратов, К.Ешжанов, А.Алланазаров, Н.Байлепесов, А.Жумабеков, А.Омирзаков, А.Сариев, К.Бекполатов, Н.Дуйсенбаев ҳәм олардың қорғаўшыларының шағымлары дерлик қанаатландырылды.

Буған көре Д.Надирбаев ҳәм А. Есемуратовга тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл;

З.Пиржанов, Қ.Бахиев ҳәм Р.Баимбетовқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Р.Досымбетов ҳәм А.Алланазаровқа тайынланған 8 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Н.Бауетдиновқа тайынланған 7 жыл 6 ай азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл 6 ай;

З.Таджимуратов ҳәм А.Омирзаковқа тайынланған 8 жыл азатлықтан айырыў жазасы 7 жыл;

К.Ешжанов, Н.Байлепесов ҳәм А.Жумабековқа тайынланған 6 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл;

А.Сариев ҳәм К.Бекполатовқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Н.Дуйсенбаевқа тайынланған 7 жыл 6 ай азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықтан айырыў жазасына келтирилди.

Биринши инстанция суды ҳүкминиң К.Бегалиев, Н.Хабипов, Д.Раманов, Ш.Аширбеков, О.Курбанов, М.Рахманов, О.Досназаров ҳәм олардың қорғаўшыларының шағымлары қанаатландырылмастан, суд ҳүкминиң оларға тийисли бөлеги болса өзгериссиз қалдырылды.

Сондай-ақ, суд Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47 ҳәм 65-статьялары талапларын туўрыдан-туўры қоллаған ҳалда жынаят иси бойынша келтирилген зыянларды қаплаў мақсетинде хатланган Д.Надирбаев, Қ.Бахиев, Н.Бауетдинов, А.Жумабеков, П.Есенгелдиев, Р.Досымбетов, О.Досназаров, Р.Жумабаев, З.Таджимуратовқа тийисли мал-мүлк ӨзР Жынаят-процессуал кодексиниң 290 -статьясы тәртибинде хатлаўдан шығарылып, ийелерине қайтарылыўы белгиленди.

Ҳүкмниң қалған бөлеги өзгериссиз қалдырылды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.8K views14:20
Ochish/sharhlash
2023-06-09 19:56:48 KRuz.uz |Рәсмий канал pinned a photo
16:56
Ochish/sharhlash
2023-06-09 19:01:55
Тақыятас районында өз ҳаялын урып, дене жарақатын жеткерген пуқараға жынаят иси ашылды

Усы жылдың 3-май күни саат 16:00 де Тақыятас районында жасаўшы, 1997-жыл туўылған Т.И. атлы пуқара өз үйинде, усы мәнзилде жасаўшы өзиниң ҳаялы, 1999-жыл туўылған А.Г. атлы өмирлик жолдасын урып, дене жарақатын жеткерген.

Жүз берген жағдай бойынша Тақыятас районы ИИБ Тергеў топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 109-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.3K views16:01
Ochish/sharhlash