Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 5

2023-06-09 18:40:05
Видеоқолланба: салықта қарызы жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматты қалай алыўға болады?

Хызметтен Бирден-бир портал арқалы бийпул пайдаланыў мүмкиншилиги бар. Оның ушын ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди.

Мағлыўматлар формаланғаннан кейин, нәтийжелер келтирилген ҳүжжетти жүклеп алыў мүмкин.

Толық видеода.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.4K views15:40
Ochish/sharhlash
2023-06-09 17:50:09
Қарақалпақстанда 6 ҳәм оннан көп адам жасап атырған хожалықлар саны көп

2023-жылдың январь -май жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасында үй хожалығы ағзаларының саны бойынша:

бир адамлық үй хожалықлары - 0,3%,
еки адамлық үй хожалықлары - 6,6%,
үш адамлық үй хожалықлары - 8,5%,
төрт адамлық үй хожалықлары - 18,4%,
бес адамлық үй хожалықлары - 27,5%,
алты ҳәм оннан көп адамлық үй хожалықлары - 38,7% ти қурайды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.6K views14:50
Ochish/sharhlash
2023-06-09 17:21:30 Быйылғы жылы магистратураға қабыллаў тек бир мәрте болады, қысқы қабыллаў болмайды

Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмонов мәлим еткен.

Сонда 2023-жыл магистратураға тек бир рет — жазда қабыллаў болады.

"Өткен жылы биринши рет тил сертификаты талап етилгени ҳәм жаңа система болғаны ушын бир жылда 2 рет қабыллаўға рухсат алған едик. Бирақ быйылғы жылы қабыллаў дәстүрий тек бир рет болады, қысқы қабыллаў болмайды", — дейди министр.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.7K viewsedited  14:21
Ochish/sharhlash
2023-06-09 14:57:18
KRuz.uz ҳәкимлер искерлигин үйренбекте: Беруний ҳәкими соңғы айларда нелер иследи?

KRuz.uz Беруний районы ҳәкими Атабек Сапарбаевтың соңғы айлардағы искерлигин үйренди. Мәлим болыўынша, район ҳәкими апрельден берли пуқаралар ушын 11 қабыллаў өткерген, 35 тен зыят жыйналыс, семинар ҳәм илажларда қатнасқан.

KRuz.uz ҳәкимниң дерлик 2 айдан көбирек ўақыт даўамындағы искерлигин үйренип шықты.

Толық
https://kruz.uz/kk/news/show/317

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.4K views11:57
Ochish/sharhlash
2023-06-09 13:35:23
"Шоманай Экотекс" ЖШЖ жүз берген өрттиң келип шығыўы

06.06.2023 жыл "Шоманай Экотекс" ЖШЖде жүз берген өртке кепсерлеў жумысларын алып барыўда қәўипсизлик талапларына итибарсызлық себеп болған.

20.10.2020 жыл Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 649-санлы "Өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарар талапларына әмел етилмеген. Кепсерлеў жумысларын алып барыўда бирлемши өрт өшириў қураллары менен тәмийинленбеген. Пахта тайларының үсти арнаўлы брезент пенен жаўылмаған. Ушқын шығып, өрт келип шығыўы мүмкинлиги есапқа алынып, аралық ашықлық сақланбаған.

Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм кәрхана басшылары! Өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиң! Бирлемши өрт өшириў қуралларының сазлығына итибар қаратың!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@KRuzuz
7.2K views10:35
Ochish/sharhlash
2023-06-09 13:04:37
Нөкис қаласында спиртли ишимлик ишип автомобиль басқарған айдаўшы усланды

Нөкис қаласы, «Т.Ещанов» көшесинде «Lacetti» автомобили ЖПХ инспекторының нызамлы тоқтаў буйрығына бойсынбай ҳәрекетин даўам еттирген. Автомобильдиң изинен бақлап барып тоқтатылғанда, айдаўшы спиртли ишимлик ишкенликте гүманланған. Ол «Нарко диспанцер»ге алып барылып тексерилгенде оннан мәслик жағдайы анықланған.

Буннан кейин жағдай бойынша тийисли тәртипте протокол рәсмийлестирилген. Автотранспорт қуралы болса ўақытша жәрийма майданшасына қойылған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.3K views10:04
Ochish/sharhlash
2023-06-09 10:11:46
Экология комитети «Дослық бағы» жанындағы тереклердиң не себептен кесип кетилгенине анықлық киргизди

Хабарыңыз бар, күни кеше «Дослық бағы» жанындағы тереклердиң кесип кетилгени ҳаққында телеграм каналымызда пост жайластырған едик. ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат берди.

Мәлим етилиўинше, усы жылдың 10-апрель күни Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы тәрепинен комитеттиң Нөкис қалалық бөлимине қала аймағындағы түрли себеплерге бола биологиялық өсиўден тоқтаған терек ҳәм сортлардың орнына жаңа терек егиў бойынша мүрәжат еткен.

Бул мүрәжатты комитеттиң Нөкис қаласы бөлиминиң инспекторлары орнында үйренип шығып, нызам шеңберинде рухсат берилген ҳәм келеси гүз мәўсиминде компенсация формасында терек егиў миннетлемеси жүклетилген.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.0K views07:11
Ochish/sharhlash
2023-06-09 09:05:36
Жаз шиллесинде қуяштан қалай сақланыў мүмкин?

Өзгидромет ҳәм ӨзР ДСМ 25-июньнан басланатуғын 40 күнлик саратан дәўиринде ыссыдан қалай қорғаныў бойынша усыныслар берди.

Толық
https://kruz.uz/kk/news/show/316

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.8K views06:05
Ochish/sharhlash
2023-06-09 07:48:10
17 жылдан берли «Судочье» көлинде балықшылық пенен шуғылланып киятырған Жалғас ата ҳаққында

Жалғас ата Алижанов 17 жылдан берли «Судочье» көлинде балықшылық пенен шуғылланып келеди. Ол ең дәслеп бул жерге марҳум достының усынысы менен келип қалған. «Биринши келген гезлеримде қайықты айдап та билмейтуғын едим», деп еслейди балықшы сол ўақытларды. Оның усы тараў бойынша таярлаған 3 шәкирти бар. Бирақ, ҳәзирги ўақытта балықшылық жоқ болғанлығы себепли олар басқа жумысқа өтип кеткен.

Жалғас атаның басынан өткен ўақыя


Балықшы Жалғас ата және бир Жалғас деген досты менен қайықта аўдарылып кеткенин айтып берди. «Терең жерге аўдарылдық екеўимиз. Муз қатайын деп турыпты. Сосын шетке шекем қайықты суўдың иши менен сүйреп бардық», дейди ол өз сөзинде.

«Фламинголар көбейип атыр»

Балықшы «Kun.uz» журналисти менен болып өткен сәўбет барысында көлдеги қуслардың ҳәм балықлардың түрлерин санап берди. «Көкбас бар, Аққус бар, фламинголар көбейип атыр. Балықлар ҳәзир қамыстың арасына кирди. Уўылдырық шашып атыр. Көбейиў мәўсими басланды. Бул жерде «Сазан», «Жыланбас» сыяқлы балық түрлери бар».

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.0K views04:48
Ochish/sharhlash
2023-06-08 18:14:11
Тақыятас медицина бирлеспесиндеги 5 лаўазымлы шахс жазаға тартылды

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Тақыятас районы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен болып өткен ушырасыўында көше бийлери тәрепинен Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлими хызметкерлериниң унамсыз ис-ҳәрекетлери, сондай-ақ, нәрестелер арасында өлимшилик жағдайларының көбейиўи бойынша мүрәжат билдирилген еди.

Бул унамсыз жағдай бойынша тийисли тараў басшылары қурамындағы исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, туўыў бөлиминде бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы анықланды. Усыған тийкар, медицина бирлеспесиндеги 5 лаўазымлы шахсқа нызамшылықта белгиленген тәртипте интизамый жаза шаралары қолланылды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.2K views15:14
Ochish/sharhlash