Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 9

2023-05-14 19:18:21
Арал бойы ҳәм Үстиртте жыллық жаўынның ярымы бир күнде жаўыўы күтилмекте

16-май Арал бойы ҳәм Үстиртте сутка даўамында улыўма жаўын муғдары 30 -40 мм дан артыўы мүмкин (картада сары ҳәм қызыл реңли аймақлар). Бул аймақ ушын бир жылда жаўыўы керек жаўынның ярымына тең муғдар.

Күтилип атырған мол жаўынлар Арал теңизиниң қурыған бөлегинде егилген жас сексеўил нәллери ушын жақсы ғана ығаллық резервин бериўи мүмкин.

@KRuzuz
9.9K views16:18
Ochish/sharhlash
2023-05-14 16:01:18
Судта Дәўлетмурат Тәжимуратов ҳәм Нурлан Найыпов тәртипти бузғаны ушын оларға ескертиў берилди

Нөкис ўақыялары бойынша болып өтип атырған апелляциялық суд мәжилисинде 7 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген Нурлан Найыпов Дәўлетмурат Тәжимуратов ушын 16 жыллық қамақ жазасы жеткиликли емес екенлигин, оған 20 жыл берилиўи керек екенин айтты.

Сондай-ақ, ол Тәжимуратовты Қарақалпақстан Ишки ислер министрлиги жынаят излеў басқармасының бурынғы баслығы, Қарақалпақстанның биринши президенти Дәўлетбай Шәмшетовтың баласы Полат Шәмшетовтың өлиминде айыплады.

Соннан кейин тәреплер наразылық билдире баслады, суд оларды тәртипке шақырды. Сонда Тәжимуратов Найыповты уражақ болды, бирақ басқа судланыўшылар ҳәм милиция хызметкерлери процесске дәрҳал араласып, оларды ажыратты. Суд мәжилиси кейинге қалдырылды.

Тәнепистен соң судья Дәўлетмурат Тәжимуратов ҳәм Нурлан Найыповқа тәртипти бузғаны ушын ескертиў берди. Исте қатнасып атырған тийкарғы шахс камераның басқа бөлиминде, басқа судланыўшылардан узағырақ жерде отырды.

Султанбек Қайыповтың айтыўынша, ол оларды ажыратып алып атырғанда бармағынан жарақат алған. Сондай-ақ, Тәжимуратовтың жүзи азырақ тырналған.

@KRuzuz
9.5K views13:01
Ochish/sharhlash
2023-05-14 13:59:22
Педагог хызметкерлердиң айлық ис ҳақыларының жаңа муғдары тастыйықланды

2023-жыл 1-майдан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, мәденият ҳәм спорт мәкемелери педагог ҳәм басшы хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары ҳәм район (қала) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлери хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақылары муғдарларын тастыйықлаў ҳаққындағы қарар күшке кирди.

Бунда 1-майдан бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақылары 7%ке көтерилгени есапқа алынып, жаңа муғдарлар тастыйықланды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
9.0K views10:59
Ochish/sharhlash
2023-05-14 12:16:03 Бүгин Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы мүмкин

Бүгин Қарақалпақстан Республикасында ҳәм Хорезм ўәлаятында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Айырым орынларда жаўын күшли болыўы, сондай-ақ, таўлы аймақларда буршақ жаўыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.8K views09:16
Ochish/sharhlash
2023-05-12 22:58:56
ӨзЛиДеП президентликке Мирзиёевтың талабанлығын мақуллады

ӨзЛиДеП Сиясий кеңеси ағзалары Шавкат Мирзиёев талабанлығын Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетиў мәселесин қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
1.3K views19:58
Ochish/sharhlash
2023-05-12 18:01:53
Педагог хызметкерлердиң айлық ис ҳақыларының жаңа муғдары тастыйықланды

2023-жыл 1-майдан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, мәденият ҳәм спорт мәкемелери педагог ҳәм басшы хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары ҳәм район (қала) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлери хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақылары муғдарларын тастыйықлаў ҳаққындағы қарар күшке кирди.

Бунда 1-майдан бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақылары 7%ке көтерилгени есапқа алынып, жаңа муғдарлар тастыйықланды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.8K views15:01
Ochish/sharhlash
2023-05-12 17:36:34
Адолат партиясы да президентликке өз талабанын мәлим етти

Өзбекстан “Адолат” СДПнан Өзбекстан Президентлигине талабан етип Робахон Махмудова көрсетилди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.7K views14:36
Ochish/sharhlash
2023-05-12 15:30:39
Оқыўшы ҳәм студентлер ушын жаңа стипендия енгизилди

Президент қарарына муўапық, 2024-жыл 1-январьдан баслап «Шахмат стипендиясы» енгизиледи.

Хабарда жазылыўынша, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары оқыў орынларында «Мектеп лигасы», «Академиялық лицей лигасы», «Профессионал билимлендириў мәкемелери лигасы» ҳәм «Студентлер лигасы» жарысларын ҳәр жылы үш басқышта системалы өткериў жолға қойылады.

@KRuzuz
6.4K views12:30
Ochish/sharhlash
2023-05-12 12:40:06
Жоқары нәтийжелерге ерискен педагогларға ҳәр айда 50%ке шекем үстеме төлеў системасы енгизиледи

Сондай-ақ, профессионал билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған оқытыўшылардың лаўазым ис ҳақылары орташа 20% ке асырылады.

Президенттиң профессионал билимлендириў мәкемелери хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеўдиң жетистирилген системасын енгизиў ҳәм оларды материаллық хошаметлеўди күшейтиў ҳаққындағы қарар жойбары ислеп шығылды. Бу ҳақда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы баспасөз хызмети хабар берген.

Бул ҳүжжет профессионал билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған оқытыўшылардың лаўазым ис ҳақыларын орташа 20% ке асырыўға, басламашы ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен педагогларының базалық тариф ставкаларына ҳәр айлық 50% ке шекем үстеме төлеў системасы енгизилиўине хызмет етеди.

Сондай-ақ, профессионал билимлендириў шөлкеми төмендегилердиң базалық тариф ставкалары улыўма орта билим бериў мәкемеси биринши ҳәм екинши категориялы оқытыўшы, жоқары мағлыўматлы оқытыўшы ҳәм орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшының базалық тариф ставкаларына теңлестириледи:

- биринши ҳәм екинши маманлық категориясына ийе болған;

- категорияға ийе болмаған жоқары мағлыўматлы;

- жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ислеп шығарыў тәлими усталары.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.4K views09:40
Ochish/sharhlash
2023-05-12 12:18:12
#Рәсмий

Мопед ҳәм скутерлерди басқарыўда “права” талабы ўақтынша тоқтатылды

Президент қарары менен мопед, квадрицикл (квадроцикл),  трицикл, скутер сыяқлылар ушын айдаўшылық гүўалығы болыўы шәртлиги ҳаққындағы талап 2024-жыл 1-январьға шекем тоқтатып турылады.

Бирақ бул көликлерде ҳәрекетленип атырғанлар мотошлем кийиўи ҳәм оны қадап алыўы зәрүр болады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.8K views09:18
Ochish/sharhlash