Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 6

2023-06-08 17:46:32
Нөкисте халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтеди

9, 10-июнь күнлери Нөкис инновациялық институтында халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтеди. Бул илажда билимлендириў тараўына тийисли халық аралық майдандағы ең абырайлы халық аралық шөлкемлердиң рәсмий ўәкиллери биринши рет Нөкис қаласына келип, конференцияда қатнасады.

Бунда Германия, Уллы Британия, Россия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, БМШның билимлендириў сапасы бойынша ўәкили, Германияның DAAD шөлкеми рәсмий болмаған басшысы, Европа Аўқамының Еrasmus+NEO, British Council ҳәм Россияның ProQuest-Еline шөлкемлеринен ҳәм республикамыздағы илим ҳәм инновация экспертлери қатнасады.

Халық аралық конференция еки күн даўамында “Илим, пән ҳәм сапалы билимлендириў: актуал машқалалар, жетискенликлер ҳәм инновацион технологиялар” темасында болып өтеди.

ЖОО системасында болып атырған реформалар, инновациялар, системадағы бар машқала ҳәм кемшиликлерге бийпарық болмаған илимий инталы қәниге, докторант, магистр, студентлер ҳәм олардың ата-аналарын бул конференцияға шақырамыз.

@KRuzuz
8.2K views14:46
Ochish/sharhlash
2023-05-22 14:21:08
Соңғы қоңыраў ҳәм «ремонт»қа пул жыйналмайды — министрлик

Бәршемизге мәлим, быйылғы 2022-2023-оқыӯ жылы да өз жуӯмағына жетпекте. Сол ушын мектеп администрациясы класс ханаларын кейинги оқыӯ жылына таярлаӯ бойынша ҳәрекетлерин баслаӯы тәбийий. Нәтийжеде айырым улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде мектеп ремонты ушын пул жыйналмақта деген хабарлар тарқалмақта.

Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги мектеплерде жазғы ремонт жумысларына, “Соңғы қоңыраӯ” сыяқлы ҳәм басқада илажлар белгиленген тәртипте ҳеш қандай пул жыйнаӯсыз өткерилиӯин мәлим етеди!

Егерде усындай жағдайлар анықланса мектеплердиң тийисли жуӯапкер шахслары әмелдеги тәртипке көре жуӯапкершиликке тартылады!

Сиз қайсыдур билимлендириӯ мекемесинде пул жыйнаӯ менен байланыслы жағдайлар ҳаққында хабардар болсаңыз, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң (61)-222-95-20 номерли «ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН»ына ямаса министрликтиң бот каналына (@QRXBministrbot) мүрәжат етиӯиңизди сораймыз.

Сизиң шахсыңыз СЫР тутылатуғынлығы кепилленеди!

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.3K views11:21
Ochish/sharhlash
2023-05-22 13:21:32
Неке жасын кемейтиў мүмкин бе?

Шаңарақ кодексиниң 15-статьясына тийкар, неке жасы еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын он сегиз жас етип белгиленеди.

Кеширимли себеплер болғанда, айрықша жағдайларда (жүклилик, бала туўылыўы, эмансипация) некеге кириўди қәлеўшилердиң сораўына бола, неке мәмлекетлик дизимнен өткерилетуғын орындағы район, қала ҳәкими неке жасын көби менен бир жылға кемейтиўи мүмкин.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.3K viewsedited  10:21
Ochish/sharhlash
2023-05-22 12:01:37
1-июннан баслап алкоголь өнимлериниң баҳасы көтерилиўи мүмкин

Алкоголь өнимлери ушын ең кем көтере-сатыў ҳәм усақлап сатыў баҳаларын қайта көрип шығыў ҳаққындағы жойбар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына қойылды.

«Газета.uz»дың жазыўынша, бунда 2023-жыл 1-июннан баслап алкогол өнимлери ушын ең кем көтере-сатыў ҳәм усақлап сатыў баҳалары көтерилиўи нәзерде тутылған.

Нәтийжеде, 1 литр алкоголь өнимлери ушын төмендеги ең кем көтере-сатыў/усақлап сатыў баҳалары белгиленип атыр:

арақ ҳәм басқа алкоголь өнимлери — 37 мың сум / 43 мың сум (алдын — 30 200 / 36 200);
коняк — 57 400 сум / 66 000 сум (48 200 / 57 800);
вино — 14 400 сум / 16 400 сум (12 000 / 14 200).

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.2K views09:01
Ochish/sharhlash
2023-05-22 09:50:02
25-майдан баслап «Tracker» ҳәм «Onix» автомобиллери ушын шәртнама бериў басланады

«UzAuto Motors» усы жылдың 25-май сәнесинен баслап «Chevrolet Tracker» ҳәм «Onix» автомобиль моделлериниң жаңаланған комплектациялары ушын шәртнама бериўди баслайды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.3K views06:50
Ochish/sharhlash
2023-05-22 08:20:49
Бүгинги күнде Өзбекстан аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 980 000 сум;

базалық есаплаў муғдары – 330 000 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 347 000 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсия – 677 000 сум;

майыплық пенсиялары, соннан, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 747 000 сум;

мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 747 000 сум;

белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары – 747 000 сум;

зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа – 535 000 сум;

мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған түрде – 535 000 сум.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.7K viewsedited  05:20
Ochish/sharhlash
2023-05-22 07:15:06
Быйыл қабыллаў қашаннан басланады?

@KRuzuz
6.5K views04:15
Ochish/sharhlash
2023-05-21 15:31:37 Рәсмий: Сентябрьден баслап 10-11-класс оқыўшылары өзи қәлеген пәнлерди таңлап оқыўы мүмкин

2023/2024-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мекемелеринде жаңа оқыў программалары басқышпа-басқыш әмелиятқа киргизиледи.

Бунда 10-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес болған қәнигелескен программалар тийкарында билим бериў әмелияты енгизиледи.

10-11-класлардағы 14 мәжбурий пәнлер раўажландырылған жаңа оқыў жобасы тийкарында оқыўшыларға 8 мәжбурий пән ҳәм 2 таңлаў пән (химия -биология, математика физика, тарийх-ҳуқық, ана тили ҳәм әдебият-шет тили)ди таңлаў мүмкиншилиги жаратылады.

Жоқарғы Кеңес Мәлимлеме хызмети

@KRuzuz
10.3K viewsedited  12:31
Ochish/sharhlash
2023-05-21 10:30:32
Ташкент ўәлаятында 360 градуста қағыйдабузарлықларды анықлаўшы арнаўлы қурылма иске түсириледи

Қурылма тоқтап турғанда ҳәм ҳәрекет даўамында бир қанша қағыйдабузарлықларды анықлайды. Олар:

өзи менен бир бағдарда ҳәм кери бағдардағы транспорт қураллары басқарыўшылары тәрепинен тоқтаў ҳәм тоқтап турыў;

ҳәрекетлениў тезлигин нормасынан асырыў;

светофордың қызыл шырасына әмел етпеў (тоқтаў сызығын басыў);

жолдың кери ҳәрекетлениў ушын мөлшерленген тәрепине ямаса бөлегине шығыў;

жолдың қатнаў бөлегиндеги сызықлар менен белгилеп қойылған талапларға әмел етпеў;

жөнелисли транспортлар ҳәрекети ушын мөлшерленген жолға өтип ҳәрекетлениў ямаса тоқтаў тәртиби ҳәм бул жолда белгиленген талапларды бузыў;

мәмлекет номер белгиси арқалы автомобиль излеўде ямаса излеўде жоқ екенлигин анықлайды.

@KRuzuz
9.1K views07:30
Ochish/sharhlash
2023-05-20 19:29:54
Нөкис аэропортындағы басқарыў диспетчерлик пунктиниң проектлестириў жумыслары әке тәрепинен басланып, перзент тәрепинен жуўмақланды

Усы жылдың 20-май күни «O‘zaeronavigasiya» орайының Нөкис халықаралық аэропортындағы ҳаўа ҳәрекетин бақлаў ҳәм басқарыў бойынша гүзетиў ханасына ийе жаңа басқарыў диспетчерлик пунктиниң салтанатлы ашылыў салтанаты болып өтти.

Усы қурылыстың жойбары Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен архитектор Орынбай Төрениязов тәрепинен басланып, проектлестириў жумыслары оның баласы Нурнияз Төренияз тәрепинен жуўмақланған.

@KRuzuz
9.1K views16:29
Ochish/sharhlash