Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 3

2023-06-12 19:58:00 «Жаслар ушын арнаўлы турақ-жайлар қурылады ҳәм келеси 7 жылда ҳәр жылы 1000 жас шаңараққа жеңиллетилген ипотека кредитлери бериледи» – Шавкат Мирзиёев

Оның ушын, усы жойбарға Хожели районынан биринши басқышта 100 гектар жер ажыратылады ҳәм 100 миллион доллар қаржы бағдарланады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.5K viewsedited  16:58
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:55:05 “Мискин -Нөкис” темир жол линиялары электрластырылады

Узынлығы 465 км болған “Бухара -Үргениш-Хийўа” ҳәм узынлығы 196 км болған “Мискин -Нөкис” темир жол линиялары электрластырылады.

Бул жойбарға 460 млн доллар жөнелтириледи.

Бул линия иске түскеннен кейин, “Ташкент - Самарқанд - Бухара - Хийўа” дәстүрий туристик шынжырына Қарақалпақстан да қосылады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.4K viewsedited  16:55
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:51:19
Ташкенттен Нөкиске тезжүрер поезд рейси жолға қойылады

Елликқала, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары туризмге қәнигелестириледи. Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Хожели, Қанлыкөл, Қоңыратта жол-саўда инфраструктурасы кеңейтириледи.

@KRuzuz
3.4K views16:51
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:20:06
“Тек ғана Қарақалпақстан ушын, халықтың стационарда емлениў ғәрежетлерин дәрамат салығынан азат етсек, ойлайман, әдалатлы ис болады” — Шавкат Мирзиёев

Социаллық реестрине кирген халық ордер тийкарында Ташкент қаласы ямаса басқа ўәлаятқа емлениўге келгенинде, оларға авиа ҳәм темир жол ғәрежетлери толық қаплап бериледи.

Соның менен бирге, қарақалпақстанлы балаларға жоқары технологиялық операциялар ушын қәўендерлик еткен исбилерменлердиң бул ғәрежетлери салық өндириў базасынан шегирип тасланады.

@KRuzuz
4.3K views16:20
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:18:40 Қарақалпақстанның 6 районында 200 процентлик үстеме төлеў системасы жолға қойылады

Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайы филиалы ушын жаңа имарат қурылады.

Ең заманагөй үскенелер менен толық үскенеленеди. Оның аймағында наўқаслардың жақынлары ўақытша жасап туратуғын жатақхана қурылады.

Енди, келеси жылдан Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңыратта да 200 процентлик айлық үстеме төлеўди жолға қоямыз.

@KRuzuz
4.1K views16:18
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:13:40
Қарақалпақстанның алыс аймақларындағы медицина хызметкерлерине 5 млн сумға шекем үстеме бериледи

Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўда медицинаға байланыслы усыныслары шеңберинде мәлим етти.

Сондай-ақ, Ташкентте бар болған барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылатуғыны айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.0K views16:13
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:07:00
Мойнақ, Бозатаў, Шоманай ҳәм Тахтакөпир ушын инвестиция киргизиледи

“Алды менен, ҳәким жәрдемшилери системасы арқалы, ҳәр жылы кеминде 20 мың жойбар әмелге асырылып, 2030-жылға шекем жәми 350 мың халық бәнтлиги тәмийинленеди. Соның менен бирге, арнаўлы экономикалық, киши ҳәм жаслар санаат зоналарындағы исбилерменлерге жер, жай ҳәм имаратлар меншиклестирилип бериледи.

Аукционда 3 ай ишинде сатылмаған мәмлекет мүлкин болса, электрон таңлаўда ең жақсы усыныс берген талабанға сатыўға рухсат бериледи. Мойнақ, Бозатаў, Шоманай ҳәм Тахтакөпир ушын, кеминде 500 мың доллар инвестиция киргизиў шәрти менен, жер ҳәм имаратлар “бир сом” баҳада усынылады”, — дейди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.4K views16:07
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:02:19
Қарақалпақстанда жаңа институт ашылады

Қарақалпақстанда агро-технологиялар ҳәм инженерлик бағдарларында жетекши шет ел жоқары оқыў орынларының филиаллары ҳәм де Нөкисде санлы технологиялар институты ашылады.

“Улыўма айтқанда, биз Қарақалпақстанда жоқары билимлендириўди қамтып алыў дәрежесин киятырған жылдың өзинде 50 процентке жеткеремиз. Оның ушын, шет еллерде оқып атырған жасларымыздың оқыўын елимиз жоқары оқыў орынларына мәмлекет гранти тийкарында көшириў әмелиятын жолға қөямыз”,- Шавкат Мирзиёев

@KRuzuz
4.3K viewsedited  16:02
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:00:40
Жаңа оқыў жылынан баслап, жоқары оқыў орнында оқып атырған ҳаял-қызлар ушын, ким төлеўине қарамастан, контракт төлеми дарамат салығынан азат етиледи

Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўда буған шекем бул жеңиллик перзенти ҳәм өмирлик жолдасы ушын контракт төлегенлерге қолланылғанын айтты.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.2K views16:00
Ochish/sharhlash
2023-06-12 18:55:43
Қарақалпақстандағы мектеплерде 30-35 ден артық бала оқыйтуғын класслар улыўма болмайды – Шавкат Мирзиёев

«Биз келеси жети жылда қосымша 100 минг жаңа оқыўшы орны жаратамыз. Бунда, 30 жаңа мектеп ҳәм 150 мектеп ушын қосымша имарат қурылады, 350 и оңланады. Қәнигелескен мектеплер саны болса, 2 есе көбейтилип, 32 ге жеткериледи. Нәтийжеде, Қарақалпақстандағы мектеплерде 30-35 ден артық бала оқыйтуғын класслар улыўма болмайды».

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
4.5K views15:55
Ochish/sharhlash