Get Mystery Box with random crypto!

Нөкис иси: Апелляция шағымын берген 28 шахстан бесеўи азат ети | KRuz.uz |Рәсмий канал

Нөкис иси: Апелляция шағымын берген 28 шахстан бесеўи азат етилди, 16 судланыўшының жаза мүддети қысқартылды

Бүгин Жоқары судта 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласында әмелге асырылған ғалабалық тәртипсизликлерге тийисли жынаят иси бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының 2023-жыл 17-марттағы ҳүкми үстинен 28 судланыўшы ҳәм олардың қорғаўшылары тәрепинен берилген апелляция шағымларына тийкарланып усы жынаят исиниң бул шахсларға тийисли бөлегин апелляция тәртибинде көрип шығыў тамамланып, Жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының жуўмағы жәрияланды.

Усы жынаят иси Жоқары суд судьясы А.Абдикаримов басшылығында ҳәм судьялар У.Рўзиев ҳәм Д.Тожибоевтан ибарат суд қурамында көрип шығылды.

Жоқары судтың 2023-жыл 12-июньдағы ажырымына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судының ҳүкми төмендегише өзгертирилди:

И.Полатов, П.Есенгельдиев, И.Аитмуратов, И.Сапаров, Р.Жумабаев ҳәм олардың қорғаўшылары тәрепинен берилген шағымлар толық қанаатландырылды.

Буған көре И.Полатовқа тайынланған 5 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына;

П.Есенгелдиев ҳәм И.Аитмуратовқа тайынланған 6 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына;

И.Сапаров ҳәм Р.Жумабаевқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықты шеклеў жазасына өзгертирилди.

Олардың қамақта сақланған ҳәр бир күни ӨзР Жынаят кодексиниң 62-статьясына тийкарланып азатлықты шеклеў жазасының бир күнине теңлестирилип, тайынланған жазадан шегирилип, барлығы суд залында қамақтан азат етилди.

Д.Надирбаев, А.Есемуратов, З.Пиржанов, Р.Досымбетов, Қ.Бахиев, Н.Бауетдинов, Р.Баимбетов, З.Таджимуратов, К.Ешжанов, А.Алланазаров, Н.Байлепесов, А.Жумабеков, А.Омирзаков, А.Сариев, К.Бекполатов, Н.Дуйсенбаев ҳәм олардың қорғаўшыларының шағымлары дерлик қанаатландырылды.

Буған көре Д.Надирбаев ҳәм А. Есемуратовга тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл;

З.Пиржанов, Қ.Бахиев ҳәм Р.Баимбетовқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Р.Досымбетов ҳәм А.Алланазаровқа тайынланған 8 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Н.Бауетдиновқа тайынланған 7 жыл 6 ай азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл 6 ай;

З.Таджимуратов ҳәм А.Омирзаковқа тайынланған 8 жыл азатлықтан айырыў жазасы 7 жыл;

К.Ешжанов, Н.Байлепесов ҳәм А.Жумабековқа тайынланған 6 жыл азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл;

А.Сариев ҳәм К.Бекполатовқа тайынланған 7 жыл азатлықтан айырыў жазасы 6 жыл;

Н.Дуйсенбаевқа тайынланған 7 жыл 6 ай азатлықтан айырыў жазасы 5 жыл азатлықтан айырыў жазасына келтирилди.

Биринши инстанция суды ҳүкминиң К.Бегалиев, Н.Хабипов, Д.Раманов, Ш.Аширбеков, О.Курбанов, М.Рахманов, О.Досназаров ҳәм олардың қорғаўшыларының шағымлары қанаатландырылмастан, суд ҳүкминиң оларға тийисли бөлеги болса өзгериссиз қалдырылды.

Сондай-ақ, суд Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47 ҳәм 65-статьялары талапларын туўрыдан-туўры қоллаған ҳалда жынаят иси бойынша келтирилген зыянларды қаплаў мақсетинде хатланган Д.Надирбаев, Қ.Бахиев, Н.Бауетдинов, А.Жумабеков, П.Есенгелдиев, Р.Досымбетов, О.Досназаров, Р.Жумабаев, З.Таджимуратовқа тийисли мал-мүлк ӨзР Жынаят-процессуал кодексиниң 290 -статьясы тәртибинде хатлаўдан шығарылып, ийелерине қайтарылыўы белгиленди.

Ҳүкмниң қалған бөлеги өзгериссиз қалдырылды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz