Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 7

2023-05-20 19:00:10
Bundayı ele bolmaǵan

MEDIAPARK dúkánlarımızdan Artel 32-43-50 dyumlı televizorlarınıń birin satıp alıń hám BIYPUL qolǵa kirgiziw imkaniyatına iye bolıń.

Akciya haqqında tolıq maǵlıwmat alıw



Такого еще не было

Купите один из телевизоров Artel 32-43-50 дюймов в наших магазинах MEDIAPARK и получите шанс получить его БЕСПЛАТНО.

Получить подробную информацию о акции

Ознакомление с условиями:
781488888
712033333

www.mediapark.uz

Barlıq dúkán mánzilleri

Telegram | Instagram | Facebook
8.4K views16:00
Ochish/sharhlash
2023-05-20 15:41:34
Ҳәкимлердиң пахта-тоқымашылық кластерлери жумысына араласыўы қатаң қадаған етиледи

Ҳәкимлердиң пахта-тоқымашылық кластерлери жумысына араласыўы, оларды жыйналыслар ҳәм басқа илажларға шақырыўы, фермерлер менен болатуғын мүнәсибетлерине тәсир өткериў қатаң қадаған етиледи.

Усы кластерлер ҳәм өним жетистириўшилерге егинлерди жайластырыў, жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыўда шеклеў киргизген киши ҳәмелдарлар жуўапкершиликке тартылады.

Пахта-тоқымашылық кластерлерине төрт тәреплеме келисим шеңберинде алынған миннетлемелерден тысқары қосымша миннетлемелерди жүклеў қадаған етиледи.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.5K views12:41
Ochish/sharhlash
2023-05-20 09:19:54
Көп квартиралы үйлерди шығынды жыйнаў орынларын белгилеместен проектлестириўге жол қойылмайды

Жаңадан қурылатуғын көп квартиралы үйлерди шығынды жыйнаў орынларын белгилеместен проектлестириў ҳәм пайдаланыўға қабыл етиў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, жаңадан қурылатуғын көп квартиралы үйлердиң шығынды жыйнаў орынлары олардағы квартиралар санына пропорционал түрде және әтираптағы әмелдеги шығынды жыйнаў шақапшаларының қуўатлылығы есапқа алынған ҳалда проектлестириледи.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.7K views06:19
Ochish/sharhlash
2023-05-20 08:25:30
Миллий гвардияның айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларын анықлаў бойынша ўәкиллиги Ишки ислер басқармалары ҳуқықы менен теңлестирилди

Президенттиң тийисли Пәрманына муўапық, Миллий гвардия мойнына ғалабалық илажлар ўақтында, сондай-ақ, бағлар, қыябанлар, базарларда жәмийет қәўипсизлигин ҳәм тәртибин сақлаў ўазыйпасы жүклетилген.

Усы жылдың 12-май сәнесинен баслап Миллий гвардияға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 16-статьясы бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды анықлаў ўәкиллиги берилди.

Енди Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен орынның өзинде шахсты анықлаў ҳәм электрон формада протокол дүзиў тәртиби әмелге асырылады. Усы протокол болса судқа ямаса Миллий гвардияның лаўазымлы шахсларына жибериледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша көрсетилген статьяларға бола, Ишки ислер басқармасы ҳәм Миллий гвардия шөлкемлери ислерди көрип шығыўда тең ҳуқықлы болып есапланады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.4K views05:25
Ochish/sharhlash
2023-05-19 18:45:09
Жеңисбек Пиязов Татарстан Республикасы халық артисти атағы менен сыйлықланды

Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық артисти Жеңисбек Пиязов Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Миннихонов тәрепинен Татарстан Республикасы халық артисти атағы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
9.1K views15:45
Ochish/sharhlash
2023-05-19 17:42:41
Видеоқолланба: таксистлик қылыў ушын лицензия бетин қалай онлайн алыў мүмкин?

Усы лицензияны еки түрли усылда алыў мүмкин — бириншиси Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы, екиншиси Бирден-бир портал арқалы.

Бирден-бир портал арқалы хызметтен пайдаланыў баҳасы 297 мың сумды қурайды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
9.1K views14:42
Ochish/sharhlash
2023-05-19 14:56:38
Нөкис қаласындағы бассейнлердиң биринде студент қайтыс болғанлығы айтылмақта

«Қарақалпақстан ҳаўазы» телеграм каналының жазыўынша, Нөкис қаласындағы бассейнлердиң биринде ҚМУда оқыўшы студент қайтыс болған. Ўақыя усы жылдың 14-май күни жүз берген болыўы мүмкин.

«KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
9.2K views11:56
Ochish/sharhlash
2023-05-15 18:55:08
Америкалы 38 жаслы ҳаял қарақалпақ тилин үйренбекте

Америкада жасайтуғын 38 жаслы Эрнестин өзиниң «YouTube» каналына қарақалпақ тилин үйренип атырғаны ҳаққындағы видеоны жайластырды.

«Бүгинги видео тек қарақалпақ тилинде. Видеодағы басланғыш билимлеримди көриўиңиз мүмкин», дейди ол.

Бүгинги күнде оның YouTube каналында ағзалар саны 1 мың 840 тан аслам. Видеоны көргенлер болса өзлериниң жыллы пикирлерин билдирмекте.

@KRuzuz
4.4K views15:55
Ochish/sharhlash
2023-05-15 17:12:11
«KRuz.uz» мобиль қосымшасы қайта иске түсти

Қарақалпақстандағы жаңалықлар каналы KRuz.uz'дың сайтта жәрияланып атырған соңғы хабарлары менен енди онлайн «KRuz.uz» қосымшасы арқалы да танысып барсаңыз болады.

Хабарлар өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде бериледи ҳәм сиз оқыўыңыз ушын қолайлы форматта.

Қарақалпақстандағы исенимли, тексерилген жаңалықлар менен танысып барыў ушын KRuz.uz'дың мобиль қосымшасын жүклеп алың

Google Play Market
Жүклеп алыў

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
5.5K views14:12
Ochish/sharhlash
2023-05-15 16:16:51 «Еркин Қарақалпақстан — Вести Каракалпакстана» газетасы Алтын қәлем таңлаўында 1-орынды ийеледи

Өзиниң 99 жыллық тарийхына ийе «Еркин Қарақалпақстан — Вести Каракалпакстана» газетасы «Алтын қәлем» таңлаўында сыйлы 1-орынды ийеледи.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, газета 1924-жылдың ноябрь айынан баслап «Еркин Қарақалпақ» аты менен шыға баслаған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.2K viewsedited  13:16
Ochish/sharhlash