Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстандағы айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери б | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстандағы айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

ӨзР Салық кодексине киритилген өзгериске көре, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта искерликти әмелге асырып атырған исбилерменлер 2028-жыл 1-январьға шекем:

пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын белгиленген салық ставкаларына салыстырғанда 50%ке кемейтирилген салық ставкалары бойынша төлейди;

социаллық салықты 1% муғдарындағы салық ставкасы бойынша, ЖТИлер болса жылына БЕМның бир есеси (330 мың сом) муғдарында төлейди.

Егер салық төлеўши усы жеңилликлер менен бир қатарда бир ўақыттың өзинде басқа тийкарлар бойынша салық жеңилликлерине тийисли ҳуқыққа ийе болса, бундай салық төлеўши өз қәлеўине көре ең қолайлы салық жеңиллигин таңлаўға ҳақлы болады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz