Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 8

2023-05-15 15:36:33
Қарақалпақстанлы фотожурналистке «Алтын қәлем» сыйлығы тапсырылды

Ең жақсы фоторепортаж ушын ӨзА фотографы Мақсет Ҳабибуллаевқа «Алтын қәлем» сыйлығы тапсырылды.

Оған сыйлықты баслығы Абдусаид Кўчимов тапсырған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.5K views12:36
Ochish/sharhlash
2023-05-15 15:01:46
Видеоқолланба: ипотека субсидиясын қалай онлайн алыў мүмкин?

Хызметтен Бирден-бир портал арқалы пайдаланыў мүмкин ҳәм оның ушын жеке есапқа ийе болыў керек.

Субсидия аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаяллар, миграция бағдарламасында дизимнен өткен пуқаралар, алыс ҳәм шетки аймақларға ислеў ушын келген қәнигелер ямаса медицина хызметкерлери, имканияты шекленгенлер, әскер ҳәм басқаларға ажратылады.

Хызметтен пайдаланыў бийпул болып, оның ушын ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.4K views12:01
Ochish/sharhlash
2023-05-15 13:36:45
Қазақстанлы блогердиң өткерген конкурсында жеңип алынған машина қарақалпақстанлы жигитке тапсырылды

Хабарыңыз бар, белгили қазақстанлы блогер nnnurdaylet өткерген конкурстың финал басқышында Қарақалпақстанның Тақыятас районында жасаўшы Давлат Аминов «Range Rover» автомобилин жеңип алған еди.

Буннан кейин блогер автомобильди тапсырыў процесинен видео жәриялады. Мәлим болыўынша, жеңимпазлар биометрикалық паспортты рәсмийлестиргеннен соң автомобильди алып қайтыўға барған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.3K views10:36
Ochish/sharhlash
2023-05-15 13:04:06
Субсидия ажыратыў процесине қандай өзгерислер киргизилмекте?

- Субсидия усыныў ҳаққындағы хабарнама алынған ўақыттан баслап 4 ай ишинде әмел етеди, бул мүддет жуўмақланғаннан соң қайта арза берилиўи мүмкин;

Субсидия алыў ушын бир календарь жылда еки мәрте арза бериў бойынша белгиленген шеклеўлер бийкар етиледи, қанаатландырылмаған арзаларға 1-декабрьге шекем қайта арза жибериўи мүмкин.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.7K views10:04
Ochish/sharhlash
2023-05-15 11:00:19
Қарақалпақстандағы 19 мәҳәлледе жумысты үйде бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлерге субсидия ажыратылады

Қарақалпақстандағы алыс ҳәм барыў қыйын болған районларда жайласқан 19 мәҳәлледе бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлери 3 айдан кейин бәнтликке көмеклесиў орайына жазба түрде яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бир мәртелик субсидия алыў ушын мүрәжат етиўи мүмкин.

Бир мәртелик субсидия ҳәр бир жумысты үйде бөлип алып ислеўшиге оның орташа айлық дараматы муғдарында (Жәмийетлик жумыслары фондынан) төленеди.

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды қаржылары есабынан исбилерменлик субъектлерине «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген яки «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»нде болған ҳәм үйде бөлип алып ислеў менен шуғылланып атырған пуқараларға әсбап-үскенелер сатып алып бериў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги болған бөлеги, бирақ БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.2K views08:00
Ochish/sharhlash
2023-05-15 10:15:10
Тест сынақлары ушын неше сораў таярланды?

Тест сынақлары өткерилетуғын 15 улыўма билим бериў пәнинен 26 мың 520 ҳәм қоңсы мәмлекет (қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен) тиллеринен 2 мың 400 тест тапсырмасы қәлиплестирилген ҳәм экспертизадан өткерилген.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
6.9K views07:15
Ochish/sharhlash
2023-05-15 09:54:44
Арал түбинде толық тоғай пайда болыўы ушын және 5 жыл талап етилиўи күтилмекте

Никита Макаренко «Арал киши тоғайы» Зиновий Новицкийдиң Арал теңизи түбинен алынған жаңа сүўретлери менен бөлискени ҳаққында жазды.

Ҳәзирде 1 млн 730 мың гектар майданға сексеўил егилген. Және 0,4 млн гектар жерге сексеўил егилсе, Аралдың түби толық тоғай менен қапланады.

Буған және 5 жыл талап етилиўи айтылмақта.

Ертеңги күтилип атырған ығал ҳаўа ағымы да Арал түби ҳәм оның акваториясында күшли жаўын-шашынға алып келиўи мүмкин. Бул болса сексеўиллер ушын күтилип атырған ыссы жаз айларына жақсы ығаллық резерви менен кирип барыўын тәмийинлейди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.0K views06:54
Ochish/sharhlash
2023-05-15 08:47:26
Субсидия кимлерге бериледи?

Үй алыў яки салыў мақсетинде ажыратылатуғын субсидия Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы кем дараматлы яки жәрдемге мүтәж халық қатламына ажыратылады. Жоқарыдағы видеода бундай халық қатламына кимлер, яғный айына қанша дараматқа шекем таба алатуғын шаңарақлар кириўи ҳаққында толық мағлыўмат берилген.

Қосымша: Үй-жай сатып алыў ушын субсидия ажыратыў тәртиби қандай? Оған кимлер ҳәм қалай арза жазады?

Текст вариантта
https://kruz.uz/kk/news/show/131

@KRuzuz
8.4K views05:47
Ochish/sharhlash
2023-05-15 08:07:19
Қарақалпақстанда мектеп оқыўшыларына берилип атырған бийпул азық-аўқат өнимлери арасынан шыққан дәри бойынша жынаят иси қозғатылды

Қарақалпақстанда кейтеринг усылында жеткизип берилген азық-аўқат өнимлери ишинен таблетка көринисинде дәри өнимлери шыққаны ҳаққында хабар тарқалды. Қарақалпақстан прокуратурасы жағдай шеңберинен мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан прокуратурасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери даўамында анықланыўынша, бир топар шахслар кейтеринг усылында азық-аўқат тәмийнатын әмелге асырып атырған исбилерменлерге жала жабыў арқалы олардың абыройын төгиў мақсетинде, 3 жағдайда ишине дәри өнимлери жайластырылған булка ҳәм пряник өними, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы тәмийнатшылар тәрепинен тарқатылғаны ҳаққындағы тийкарсыз мағлыўматлар менен “Антикоррупция” телеграм каналына тийкарсыз ҳәм қалыс емес мағлыўматлар жайластырылыўына ерисип,  исбилерменлик субъектлериниң исбилерменлик орнына зыян жеткизген.

Ҳәзирде жағдай шеңберинен Жынаят кодексиниң 139-статьясы 3-бөлими “г” бәнти (жала) ҳәм 192-статьясы (бәсекилести абыройсызландырыў) менен жынаят иси қозғатылған. Жынаят иси тергеўи жуўмағына бола, айыплы шахслардың жуўапкершилик мәселеси шешиледи.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.3K views05:07
Ochish/sharhlash
2023-05-15 07:02:55
Әмиўдәрьяда адам өлими менен байланыслы болған ЖТҲ жүз берди

Усы жылдың 8-май күни Әмиўдәрья районы аймағынан өтиўши автомобиль жолында адам өлими менен байланыслы болған жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хабар бермекте.

Мәлим етилиўинше, «Cobalt» маркалы автотранспорт қуралы жоқары тезликте ҳәрекетленип, өз жөнелиси бойынша ҳәрекетленип баратырған «KAMAZ» маркалы автотранспорт қуралының арқа тәрепине урылған.

Басқарма хабарында ўақыя ақыбетинде неше адам қайтыс болғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилмеген.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.6K views04:02
Ochish/sharhlash