Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 21.37K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 10

2023-05-12 11:49:03 Төрткүл районы ҳәкими Рустам Шамуратовтың перзенти Иззатбектиң мезгилсиз қайтыс болыўына байланыслы KRuz.uz сайты жәмәәти терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

KRuz.uz сайты администрациясы

@KRuzuz
7.0K viewsedited  08:49
Ochish/sharhlash
2023-05-12 11:38:14
14-16-май күнлери Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

14-17-май күнлери Өзбекстан аймағына алдын Кәспий теңизиниң қубла аймақларынан ығал, кейин Волга бойы аймақларынан салқын ҳаўа кирип келиўи күтилмекте.

14-16-май күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында, 17-майда Бухара, Наўайы, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья ўәлаятларында ҳәм республиканың таўлы аймақларындағы айырым орынларда күшли жаўын жаўады. Айырым орынларда буршақ жаўыўы мүмкин.

14-15-майда арқада ҳәм шөл аймақларда, 16 -17-майда республика бойынша айырым орынларда самал тезлиги 15-20 м/с қa, айырым ўақытларда 23-25 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар бақланыўы мүмкин.

14-16-майда республиканың арқа аймақларында күндизги ҳаўа температурасы 17-22 дәрежеге шекем пәсейеди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.0K views08:38
Ochish/sharhlash
2023-05-12 10:21:24
Халық демократиялық партиясы президентликке талабанын жәриялады

Партиядан Улуғбек Иноятов президентликке талабан ретинде партияның Қурылтайында көрип шығыў ушын мақулланды.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.4K views07:21
Ochish/sharhlash
2023-05-12 09:44:10
Кегейлиде Абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымынан босатылды

Кегейли районы Абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген Махсетбай Хошанов өз арзасына бола лаўазымынан босатылды.

Ҳәзирде бул лаўазымға Марат Мамбетниязов районлық Абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы етип тайынланған.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.3K views06:44
Ochish/sharhlash
2023-05-12 08:00:03
Экологиялық партиядан президентликке талабан мәлим болды

Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабан етип партия Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети баслығы Абдушукур Хамзаев көрсетилди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.6K views05:00
Ochish/sharhlash
2023-05-12 06:26:40
Фарҳад Эрмановтың 12-майда Кегейлидеги мүрәжатларды қабыллаў ўақты өзгерди

Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Фарҳад Эрманов 18-август сәнесине шекем Кегейли, Қанлыкөл, Нөкис, Шымбай, Хожели, Елликқала, Қоңырат, Тақыятас, Қараөзек районларында өзиниң жеке көшпели қабыллаўын өткереди. Мәлим болыўынша, 12-май күни Кегейлидеги пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў ўақты саат 10:00 ден 15:00 ге көширилген.

Басқа районлардағы қабыллаў режеси жоқарыдағы кестеде көрсетилген.

Кестеге зәрүрлигине қарап өзгерис киргизилиўи мүмкин.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
7.9K views03:26
Ochish/sharhlash
2023-05-11 17:18:35
Исбилерменлердиң банктеги пулын алып қойғанлық ушын жуўапкершилик белгиленди

Президент тәрепинен қол қойылған нызам (ӨРҚ-841) менен бир қатар нызамларға өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда:

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске көре, исбилерменлердиң банк есап бетлеринен пул қаржыларын олардың разылығысыз нызамға қарсы түрде өткериў ямаса алып қойыў яки оларды ўақтында қайтармаў, аз муғдарда талан -тараж етиў белгилери болмаған жағдайда БЕМның 20 есесинен 40 есесине шекем (6 млн 600 мың сомнан 13 млн 200 мың сомға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Жынаят кодексине киритилген қосымшаға көре, жоқарыда белгиленген ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин әмелге асырылған болса:

БЕМның 200 есесинен 300 есесине шекем муғдарда жәрийма;

3 жылға шекем арнаўлы ҳуқықтан айырыў;

300 сааттан 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;

3 жылға шекем этика дүзетиў жумыслары;

3 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.

Бул ҳәрекетлер көп муғдарда зыян жеткерген жағдайда ямаса бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип әмелге асырылған болса, 5 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин.

Бул ҳәрекетлер жүдә көп муғдарда зыян жеткерген ҳалда ямаса топар мәплерин гөзлеп әмелге асырылған болса, 7 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин.

Нызам үш айдан кейин күшке киреди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
8.3K views14:18
Ochish/sharhlash
2023-05-11 15:40:12
Президент қуяш панеллерин орнатыў көрсеткиши Нөкис, Беруний районларында төмен екенин сынға алды

Президент исбилерменлер, халық хожалықлары және социаллық объектлерде киши қуяш панеллерин орнатыў бойынша белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға орынлардағы жуўапкерлер немқурайдылық пенен қарап атырғанын сынға алды.

Атап айтқанда, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде социаллық тараўдың ҳәм мәмлекетлик кеңселерде қуяш панеллерин орнатыў бойынша Самарқанд, Жиззақ, Бухара ўәлаятлары жақсы нәтийже көрсетип атырған болса, Қарақалпақстан, Ташкент қаласы, Ташкент, Наўайы ўәлаятлары дым изде.

Районлар кесиминде Сергели, Чилонзор, Учтепа, Нөкис, Беруний, Бекобод, Паркент, Пискент, Қизилтепа, Гулистон, Сирдарё, Арнасой, Бағдод, Фурқат, Термиз, Олтинкўлда жумыслар жағдайы қанаатландырарлы дәрежеде емес.

@KRuzuz
8.0K views12:40
Ochish/sharhlash
2023-05-11 09:33:29
Төрткүлдеги балалар бақшасында еки кәсиплес ортасында жәнжел келип шықты

Усы жылдың 10-май күни Төрткүл районындағы 21-санлы балалар бақшасында тәрбияшы болып ислеўши К.Н. (1985-жыл туўылған) ҳәм усы мәкемеде музыкадан сабақ бериўши А.Д.лар (1983-жыл) ортасында жәнжел келип шыққан.

Мәлим етилиўинше, жәндел ўақтында пуқара А.Д. пуқара К.Н.ның үстки кийимлерин жыртып таслағалығы себепли, К.Н. болып өткен ўақыяны өмирлик жолдасы К.М.ға (1986-жыл туўылған) айтқан.

К.М. өзиниң инилери К.Ж. (1992-жыл туўылған) ҳәм К.Б.лар (2002-жыл туўылған) менен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине келеди ҳәм А.Д.ны урып, оған дене жарақатын жеткереди. Буның ақыбетинде ол районлық медицина бирлеспесине тез жәрдем машинасында алып барылған. Оның денсаўлығы шыпакерлер қадағалаўында.

Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша Төрткүл районы Ишки ислер бөлими тәрепинен тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

@KRuzuz
8.9K views06:33
Ochish/sharhlash
2023-05-11 08:48:44
18 жасқа толмағанлар ушын музей ҳәм зыярат орынларына кириў бийпул болады

Енди 18 жасқа шекемги балалар мәдений мийрас объектлерине бийпул кириўи мүмкин болады. Бул ҳаққында 8-май күни президент тәрепинен қол қойылған тийисли пәрманда нәзерде тутылған.

Ҳүжжетке бола, 2023-жыл 1-сентябрьден баслап республика пуқарасы есапланған ҳәм 18 жасқа шекемги балалардың мәдений мийрас объектлерине, атап айтқанда, көргизбелер, тарийхый естеликлер ҳәм зыярат орынлары, соның менен бирге, мәмлекетлик музейлерге төлемсиз кириў тәртиби енгизиледи.

@KRuzuz
8.5K views05:48
Ochish/sharhlash