Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 40.61K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 66

2022-12-29 17:48:36
Байрам қарсаңында Шымбай районында жаңа балалар бақшасы имараты пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Шымбай районы «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 120 орынға мөлшерлеп қурылған жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылғанлығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, жаңа бақша имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы балаларға Жаңа жыл байрамы алдынан өз алдына саўға болды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.2K views14:48
Ochish/sharhlash
2022-12-29 17:26:19
Байрам қарсаңында кеўиллерге байрам кейпияты бөлисилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы майыплығы болған ер адамлар ушын арналған Мүриўбет үйинде болды.

«Кеўил кеўилден суў ишер» дегендей, Жаңа жыл байрамы қарсаңында Мүриўбет үйиндеги инсанлар менен меҳир ҳәм жыллылық бөлисилди, олар бәрҳама мәмлекет итибарында ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
5.7K views14:26
Ochish/sharhlash
2022-12-29 16:46:22
Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими жеңимпазлары сыйлықланды

Бүгин 29-декабрь күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими, Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, «Бес баслама Паралимпиадасы» шеңберинде «Пара шахмат», «Пара шашка», спорттыӊ «Пара жеңил атлетика», «Пара стол теннис», «Пара Киберспорт» ҳәм басқа да бир қатар спорт түрлери бойынша жеңимпазларды сыйлықлады.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.6K views13:46
Ochish/sharhlash
2022-12-28 18:41:48
Тақыятас «Балалар үйи»нде Жаңа жыл байрамы болып өтти

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы қатнасты.

Шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкентайлар тәрепинен таярланған ойынлар қойып берилди.

Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары және ғамқорлығында, әлбетте. Байрам босағасында балаларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»ндеги шараятлар менен танысып, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайларын өз көзи менен көрди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.7K views15:41
Ochish/sharhlash
2022-12-28 15:55:22
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги қырқыншы сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

2022-жыл 29-декабрь күни саат 11:00 де болып өтетуғын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқыншы сессиясы 2022-жыл 30-декабрь күни саат 10:00 ге өзгергенлигин мәлим етип билдиремиз.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.0K views12:55
Ochish/sharhlash
2022-12-28 06:18:42
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги қырқыншы сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги қырқыншы сессиясы 2022-жыл 29-декабрь күни саат 11:00 де
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
17.0K viewsedited  03:18
Ochish/sharhlash
2022-12-27 23:05:22
Кегейли районында "Aqtuba textil group" кәрханасы бой тикледи

Тигиўшилик кәрханасының ашылыўы Кегейли районы турғынлары ушын ҳақыйқый жаңа жыл саўғасы болды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
10.9K viewsedited  20:05
Ochish/sharhlash
2022-12-27 21:28:10
Кегейли районында "Aqtuba textil group" кәрханасы бой тикледи

Тигиўшилик кәрханасының ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов ҳәм мийманлар менен бирге кәрханада ислеўши ҳаял-қызлар, нураныйлар қатнасты.

Тигиўшилик кәрханасының ашылыўы Кегейли районы турғынлары ушын ҳақыйқый жаңа жыл саўғасы болды. Ондағы турақлы жумыс пенен тәмийинленген ҳаял-қызлар бүгинги күнинен кеўилли түрде өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Ашылыў мәресими мәденият тараўы хызметкерлериниң шығыўларына жалғанып, байрам кешеси болып өтти.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.3K views18:28
Ochish/sharhlash
2022-12-27 12:00:15
"Хошамет-2022" сыйлықлаў мәресими.

- "Камалак" балалар шөлкеми пидайысы" номинациясы менен Атамуратова Муслима Көптилеуова;

- "Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын" номинациясы менен Алаўатдинов Сахабатдин Иниятдинович;

- "Жылдың ең белсенди вайнери" номинациясы менен Қутлымуратов Бахадир Сейтмуратович;

- "Жылдың ең белсенди жас репортёры" номинациясы менен Ержанов Ҳәкимбек Бегжан улы;

- "Жаслар турмысын ғалаба хабар қуралларында жарытыўдағы белсендилиги ушын" номинациясы менен Қарақалпақстан телеканалы жәмәәты сыйлықланды.

Сыйлықларды Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаев тапсырды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
8.5K views09:00
Ochish/sharhlash
2022-12-27 11:14:35
"Хошамет-2022" сыйлықлаў мәресими даўам етпекте.

- «Жылдың ең белсенди секторы» Қараөзек районы 2-сектор баслығы Жоламанов Нажиматдин Баймурзаевич;

- «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми» Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министрлиги;

- «Жыл белсендиси» номинациясы менен Жумабаев Маман Бегисбаевич;

- «Жыл ҳаўазы» Номинациясы менен Медетбаев Мусағали Маратович;

Жеңимпазларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов сыйлықлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.6K views08:14
Ochish/sharhlash