Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 42.74K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 59

2023-01-15 20:16:41
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Сингапур Республикаси Президенти Ҳалима Яқубнинг таклифига биноан 16-18 январь кунлари давлат ташрифи билан ушбу мамлакатда бўлади.

По приглашению Президента Республики Сингапур Халимы Якуб Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев 16-18 января посетит эту страну с государственным визитом.

#Mirziyoyev #tashrif #Singapur #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
7.4K views17:16
Ochish/sharhlash
2023-01-15 20:14:15
Суўды ҳәм суўықты писент етпес инсанлар

Қақаман суўықта өз ўазыйпасын атқарып атырған пидайылар.

Соңғы жылларда бақланбаған суўық хаўа ўатанласларымыз ушын аңсат болып атырған жоқ. Сондай кәсип ийелери бар, олар халқымыздың абаданлығы ушын өз ўазыйпаларын атқарыў даўамында суўықты ҳәммемизден көбирек сезип атыр.

Республикамыз аймағындағы суўық ҳаўа райы Суў тәмийнаты хызметкерлериниң шыдамлылығын және бир мәрте сынақтан өткермекте.

Усы күнлерде халықты ҳәм социаллық объектлерди үзликсиз ишимлик суўы менен тәмийинлеў баслы ўазыйпа есапланады.

Деген менен тәбияттың ынжықлықларына не дерсең?

Ҳаўа суўықлығы себепли суў қубырларында авариялық жағдай жүз берген еди.

Ўақыя орнына оператив түрде авария бригадасы жетип келди ҳәм оңлаў жумысларын баслап жиберди.

Аварияны сапластырыў ушын жуўапкер болған Қосбергенов Жеткербай суў тармағы слесарь оңлаўшысы суўық ҳаўада суўды писент етпей өзиниң ўазыйпасын атқарыўға киристи.

Кәрхананың тийисли илажларды әмелге асырыўы, ең баслысы, шыдамлылық, пидайылық, ўазыйпасына болған жуўапкершилик ҳәм кәсиплик шеберлиги себепли авариялық жағдай ақыбетлери қысқа ўақыт ишинде қәўипсиз түрде сапластырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
10.3K viewsedited  17:14
Ochish/sharhlash
2023-01-15 19:27:19
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде исбилерменлер ушын жеке қабыллаў өткерди

Азанда 10:30 да басланған қабыллаў дерлик 9 сағат даўам етип 19:00 де жуўмақланды. Өткерилген қабыллаўда 81 исбилермен тәрепинен жәми 87 мәселеде мүрәжатлар келип түсти. Онда исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.

Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигин орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлер пикирлери тыңланып, ҳәр бир баслама көтерген, жаңа жумыс орнын жаратаман деген исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
19.9K views16:27
Ochish/sharhlash
2023-01-15 13:14:53
Қуролли Кучлар бош ҳарбий клиник госпитали - Ватан ҳимоячилари кунига муносиб туҳфа

Главный военный клинический госпиталь Вооруженных Сил - достойный подарок ко Дню защитников Родины

Facebook|Instagram|Twitter
5.9K views10:14
Ochish/sharhlash
2023-01-15 13:11:45
Аўызбиршилик, инсаныйлықтың үлгисин көрсетип атырған барлық пидайыларға миннетдаршылық билдиремиз

Бүгингидей сынаўлы күнлерди халқымыз бир болып, машақатты аўызбиршилик пенен жеңип өтпекте. Бунда Жоқарғы Кеңес депутатлары да белсендилик көрсетип атырғаны айрықша әҳмийетли.

Мәселен, Мойнақ районынан Жоқарғы Кеңес депутатлығына сайланған Бибихан Утамбетова Мойнақ районындағы жасы үлкен, напақадағы пуқараларымыздан хабар алып, олардың қыстан зыянсыз өтиўи бойынша мүрәжатларын тыңлады.

Сондай-ақ, депутат Табассумхон Рузметова Тақыятас районындағы жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардан хабар алды. Олардың перзентлерине қысқы кийимлер саўға етилди ҳәм биринши гезектеги азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

O'zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери тәрепинен күнниң суўығына қарамай өз жумысларын пидайылық пенен атқарып атырған кәсип ийелерине ыссы чай тарқатылды.

Жоқарғы Кеңес депутаты Анжела Омирова Тақыятас районы аймағында жасаўшы, бағыушысын жоғалтқан хожалықлардыӊ ҳалынан хабар алды. Пуқаралар менен сәўбетлесиўлер даўамында олардыӊ машқалалары тыӊланып, жәрдем бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Бул ҳәрекетлер артында жоқары инсаныйлық, аўызбиршилик ҳәм ең баслысы "Инсан қәдири ушын" деген принцип өз сәўлелениўин тапқан.

Ўақтыншалық сынаўлы күнлерде жағдайды дурыс түсинип, бир-биреўге ийинлес болып атырған барлық депутатларға, исбилерменлер менен пидайы инсанларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси өз миннетдаршылығын билдиреди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.9K views10:11
Ochish/sharhlash
2023-01-15 12:23:47
Дыққат хабарландырыў!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қурамында дүзилген арнаўлы Штабтың шешими менен, барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билим бериў мекемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 18-январьға шекем узайтылады.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
53.4K views09:23
Ochish/sharhlash
2023-01-14 19:44:17
Ўатан қорғаўшылары ушын хызмет ететуғын объектлер пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Арқа-Батыс әскерий округының Нөкис горнизонында капитал оңлаў жумыслары жуўмақланған социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, өмирин машақатлы соның менен бирге, мақтанышлы ўазыйпаға бағышлаған ел қорғаўшыларын 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

Капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң 2 қабатлы әскерий бөлим штаб имараты, әскерий бөлим медицина пункти, Нөкис үй-жайдан пайдаланыў аймақлық бөлимине қараслы жатақхана жаңаша көринисте пайдаланыўға тапсырылды. Имаратлар заманагөй түс алып, барлық керекли әсбап-үскенелер, мебель-техникалар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, жатақхана имаратында улыўмалық аўқатланыў орны да шөлкемлестирилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
4.9K views16:44
Ochish/sharhlash
2023-01-14 19:44:04
Мүрәжат қадағалаўға алынды

Телеграм тармағындағы
«Hoja.uz» каналында жәрияланған 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик ушын берилген жеңилликлер бойынша мүрәжат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қадағалаўға алынғанлығын мәлим етип билдиремиз.


Қарақалпақстан Республикасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
3.6K views16:44
Ochish/sharhlash
2023-01-14 17:45:41
2023-жыл 15-январь күни, саат 10:30 да Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бас имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменлер ушын жеке қабыллаўы болып өтеди.

Еслетпе!

(15-январь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, жеке пуқаралардың мүрәжатлары жақын күнлерде өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз).


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.2K viewsedited  14:45
Ochish/sharhlash
2023-01-14 15:42:00
«Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.0K views12:42
Ochish/sharhlash