Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 42.74K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 61

2023-01-12 12:25:41
Ҳүрметли пуқаралар!

Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи себепли авариялық жағдайлар жүзеге келмекте.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз бойынша тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газге болған тутыныў көлеминиң артыўы нәтийжесинде жетиспеўшилик бақланбақта.

Усы сынаўлы күнлерде халқымызды турақлы газ бенен тәмийинлеў баслы ўазыйпа болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен төмендегилер әмелге асырылады:

Жағдай нормал ҳалатқа қайтқанға шекем айрықша жағдайларға жуўап бериў бойынша оператив ШТАБ шөлкемлестирилди.

Барлық автомобиллерге газ толтырыў компрессор станциялары (метан заправкалары) ҳәм улыўмалық аўқатланыў орынларына газ жеткерип берилиўи тоқтатылады.

Барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билим бериў мекемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 16-январьға шекем узайтылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен халқымыздың күнделикли жәмийетлик транспортларға талабын қанаатландырыў ҳәм турақлы транспорт хызметин шөлкемлестириў мақсетинде жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсация пуллары төлеп бериледи.

Ҳүрметли пуқаралар, артықша ҳаўлықпаға берилмеўиңизди сораймыз!

Ҳүкиметимиз тәрепинен барлық айрықша жағдайлар хызметлери күшейтирилген режимде жумыс алып барыўы жолға қойылған ҳәм жағдайдан тезирек шығып кетиў ушын бәрше зәрүрли илажлар көрилген.

Жағдай өзгергенде айрықша көрсетпелер берилип, қосымша түрде хабарландырылады.

Ўзб – Рус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
28.4K viewsedited  09:25
Ochish/sharhlash
2023-01-11 19:48:06
Дыққат хабарландырыў!

Қарақалпақстан Республикасында 2023-жылдың 12-январь, 13-январь, 14-январь ҳәм 16-январь сәнесинен баслап басқышпа-басқыш дәстүрий оқыў процесси басланатуғын мектеплер ҳаққындағы мағлыўмат пенен Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде төмендеги силтемелер арқалы билип алсаңыз болады.

Нөкис қаласы
Әмиўдәрья районы
Беруний районы
Бозатаў районы
Елликқала районы
Кегейли районы
Қанлыкөл районы
Қараөзек районы
Қоңырат районы
Мойнақ районы
Нөкис районы
Тақыятас районы
Тахтакөпир районы
Төрткүл районы
Хожели районы
Шоманай районы
Шымбай районы

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
20.6K viewsedited  16:48
Ochish/sharhlash
2023-01-11 19:47:37
Дыққат хабарландырыў!

Күни кеше Узгидрометеорология орайының хабарына бола, усы жылдың 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыў процеси 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап басқышпа-басқыш басланатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Усыған қосымша етип айтып өтиў орынлы, республикамыздағы жәми 721 мектептен 12-январь сәнесинен баслап 571 мектеп, 13-январь сәнесинен баслап 8 мектеп, 14-январь сәнесинен баслап 9 мектеп, 16-январь сәнесинен баслап 133 мектеп дәстүрий оқыў процесин баслайды.

Бунда узақ аймақларда жайласқан айырым мектеплерге алыс аралықтан қатнап оқыйтуғын оқыўшылардың бар екенлиги есапқа алынған.

Соның менен бирге оқыў саатларының басланыў ўақты 8:30 дан 9:30 ға ўақтынша көширилди ҳәм де 1 сабақ ўақты 35 минут белгиленген.

Бул бойынша республикадағы барлық мектеп директорлары хабардар етилгенлигин мәлим етемиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
33.0K views16:47
Ochish/sharhlash
2023-01-11 18:12:38
Алыс Белтаў АПЖ халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм жаңа егислик майданларын ашыў бағдарындағы жумыслар баслап жиберилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм Белтаў пуқараларын суў менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларды барып көрди.

Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2,500 гектар жер майданы таярланып атыр. Бул ушын зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилген. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлаўшы бассейнлерди қазыў жумыслары да жеделлик пенен алып барылмақта.

Жасалма бассейнлер артезиан қудықлары арқалы суў менен ғамланады ҳәм аўыл хожалығы ушын жумсалады.

Бул әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аўыл турғынлары суў менен тәмийинленеди, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы менен аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылып, аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланады.

Толық мағлыўмат – Ўзб – Рус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
13.8K views15:12
Ochish/sharhlash
2023-01-11 17:59:34
Жоқарғы Кеңес Баслығы алыс Тахтакөпирдеги шарўалардан хабар алды

Бүгинги күнде республикамызда шарўашылық тараўы жаңаша көринисте яғный, кластер, шарўашылық фермер хожалығы сыяқлы бағдарларда раўажланып атыр.

Усы бағдардағы жумыслар менен танысыў ҳәм шарўаларға ҳармасын айтыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс Қоңыраткөл аймағында жайласқан қаракөлшиликке қәнигелескен “Жети нура” фермер хожалығы мийнеткешлери ҳалынан хабар алды.

Айтып өтиў орынлы, қаракөлшиликке қәнигелескен фермер хожалығында 500 бастан аслам қой бағылып атырған болып, оның сапалы сур ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериўдеги әҳмийети айрықша. Буннан тысқары, қара мал ҳәм ешки бағыўда қосымша жолға қойылған.

Толық мағлыўмат – Ўзб – Рус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
10.8K views14:59
Ochish/sharhlash
2023-01-11 17:35:12
Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты

Бүгинги күнде халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў, соның менен бирге аўыл хожалығы майданларына суў ресурсларын тежеўши үскенелер арқалы суў жеткерип берилиўин тәмийинлеўде суў қубырларының тутқан орны әҳмийетли есапланады.

Нөкис қаласында усы тийкардағы жумысларға зәрүрли өнимлерди жеткерип бериўге арналған “SOF POLYMER” ЖШЖ кәрханасы жумыс баслады.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаңадан ашылған ислеп шығарыў орнын көриў мақсетинде кәрханада болды.

Толық мағлыўмат – Ўзб – Рус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.7K views14:35
Ochish/sharhlash
2023-01-11 16:25:51
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Миллий гвардия хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды

Бүгин Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйынында Миллий гвардия хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы жаңа турақ жайдың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, имарат ийелерин жаңа қонысқа көшип келгенлиги мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының 30 хызметкерине жаңа үйлердиң гилтлерин тапсырды.

Толық мағлыўмат – Ўзб – Рус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
23.0K views13:25
Ochish/sharhlash
2023-01-10 21:17:24
Узгидрометеорология орайының хабарына көре, 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары менен барлық  улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыў процеси ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң жумысы 2023-жылдың 12-январь күнинен басланады.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы, 12-18-январь күнлери барлық оқыў орынларында ҳәр қандай мәжилислер, илажлар, оқыўшылар ушын қосымша дөгереклер, спорт жарыслары ҳәм де басқа да жыйналыслар өткериў қадаған етиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
3.9K views18:17
Ochish/sharhlash
2023-01-10 18:10:43
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида саноатни ривожлантириш ҳамда қўшимча захираларни аниқлаш масалалари бўйича видеослектор йиғилиши ўтказилди.

Под председательством Президента Шавката Мирзиёева состоялось видеоселекторное совещание по вопросам развития промышленности и выявления дополнительных резервов.

#Mirziyoyev #videoselektor #sanoat #zaxiralar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
4.5K views15:10
Ochish/sharhlash
2023-01-10 17:07:45
Президент Мурожаатномасида муҳандисларни тайёрлаш ва қайта тайёрлаш алоҳида вазифа қилиб белгиланган.

Мутасадди вазирларга тармоқлар раҳбарлари билан биргаликда 1 апрелга қадар жойларга чиқиб, муҳандислик мактаблари учун коллежлар базасини аниқлаш; хорижий мутахассисларни жалб қилиб, мактабларнинг йўналишлари ва дастурларини ишлаб чиқиш топширилди.

Инвестиция, саноат ва савдо вазири Л.Қудратов олдига тармоқлар билан тизимли ишлаш, саноат кооперациясини кенгайтириб, 6 миллиард долларлик маҳаллийлаштириш лойиҳаларини амалга ошириш, ишга тушадиган 304 та стратегик ва йирик лойиҳалар устидан ҳафталик он-лайн мониторингни йўлга қўйиш топширилди.

Бош вазир ўринбосари Ж.Ходжаев туманларга бориб, ҳудудий инвестиция дастурларига кирган 3 мингга яқин лойиҳаларни вақтида ишга туширишга жавоб бериши, мавжуд муаммоларни жойида тезкор ҳал этилишини таъминлаш, ҳар бир туман ва шаҳарда камида 50 миллион доллар қўшимча инвестиция жалб қилиш учун масъул бўлиши таъкидланди.

Йиғилиш якунида ҳудуд ва тармоқлар раҳбарларининг ахбороти тингланди.

Facebook|Instagram|Twitter
5.1K views14:07
Ochish/sharhlash