Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 42.74K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 63

2023-01-10 14:24:08
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида саноатда ишлаб чиқариш ҳажмининг ўсиш суръатларини таъминлаш, мавжуд имкониятлар ва янги захираларни сафарбар этиш чора-тадбирлари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Скоро под председательством Президента Шавката Мирзиёева начнется видеоселекторное совещание по мерам обеспечения темпов роста объемов производства, задействования имеющихся возможностей и новых резервов в промышленности.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
5.5K views11:24
Ochish/sharhlash
2023-01-09 14:15:43
Мойнақ районы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Мойнақ ЛДСП» ислеп шығарыў кәрханасы жаңадан бой тикледи. «Мойнақ ЛДСП» ислеп шығарыў кәрханасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында қурылып, ҳәзирги күнде 100 ден аслам пуқаралар жумыс пенен тәмийинленген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
2.5K views11:15
Ochish/sharhlash
2023-01-09 14:15:21
Нөкис қаласы ишиндеги айырым жөнелислер орнына жаңа жөнелислер шөлкемлестирилмекте

Нөкис қаласында машқалалардың алдын алыў, жолаўшыларға, автотранспортларға қолайлық жаратыў мақсетинде, қала ишиндеги жөнелислердиң ақырғы бәндиргисин бир бирине тутастырыў, бирлестириў жолы менен қайта шөлкемлестириў белгиленген.

Соның менен бирге, халыққа сапалы транспорт хызметин көрсетиў мақсетинде быйылғы жылы жаңадан 100 ден аслам автобуслар алып келиў режелестирилмекте.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
2.3K views11:15
Ochish/sharhlash
2023-01-09 07:34:23
“Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасы бойынша әҳмийетли семинар болып өтти

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша кең көлемли жумыслар амелге асырылмақта. Бундай реформалар ең дәслеп «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында хызмет етип атырғаны менен аҳмийетли.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районда “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасыныӊ 4-басқышын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша семинар болып өтти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
5.6K views04:34
Ochish/sharhlash
2023-01-08 11:39:50
Ҳүрметли прокуратура органлары хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги 8-январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы органлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Өткен дәўир ишинде прокуратура органларының жумыс алып барыўы мәмлекетлик реформаларға сәйкес түрде жетилистирилип барылды. Буның нәтийжесинде тараўдың халқымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслары еледе жақсыланды. Ең баслысы, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар түп-тийкарынан беккемленди.

Ҳүрметли тараў пидайылары, сизлердиң машақатлы соның менен бирге мақтанышлы кәсибиңизди минсиз атқарыўдағы мийнетиңиз бәрҳама итибарда ҳәм ҳүрметке ылайық.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда табыс, машақатқа толы мийнетиңизди атқарыўда талмас күш-ғайрат тилеп қаламыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.2K viewsedited  08:39
Ochish/sharhlash
2023-01-07 18:22:49
Бухара ўәлаяты суды имаратында 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласында болып өткен ғалабалық тәртипсизликлер бойынша 22 судланыўшылардың қарсысындағы жынаят исин ашық суд мәжлисинде көрип шығыў даўам етпекте.

Бүгинги суд мәжлисинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың көрсетпелери тыңланды. Судланыўшылар қылмысларынан шын кеўилден пушайман екенликлерин билдирип, кеширим сорады ҳәм ҳүрметли Президентимизге жеткериўди өтиниш етти.

Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев судланыўшылар ким болыўына қарамастан Өзбекстан Республикасы пухаралары, Қарақалпақстан азаматлары екенликлерин, олардың өтинишлерин әлбетте жеткериўин билдирип, суд қурамынан судланыўшыларға нызам шеңберинде жеңиллик бериўин сорады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
21.6K views15:22
Ochish/sharhlash
2023-01-07 10:11:39
Үй шараятында дәрамат табыў жолларына арналған семинар болып өтти

Бүгин Нөкис қаласында Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси шөлкемлестириўинде компост ҳәм биогумус таярлаў усыллары бойынша семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Өткерилген семинарда жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў, әпиўайы қыйтақ жериниң өзинде дәрамат табыўының және бир жолы болған Калифорния жаўын қуртын жетистириў ҳәм көбейтиў, бул арқалы биогумус ҳәм компост таярланыўына шараят жаратыў бағдарында сөз етилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
8.0K views07:11
Ochish/sharhlash
2023-01-06 17:33:44
Қояншылық шарўашылық тараўының перспективалы ҳәм дәраматлы жөнелиси

Жети ғәзийнениң бири болған қояншылық – шарўашылықтың баслы тараўларының бири болып, олардың тез раўажланыўы ҳәм жоқары дәрежеде көбейиўшилиги себепли, олардан қысқа мүддетте көп муғдарда пархезли, әсиресе жас балалар аўқатланыўы ушын баҳалы гөш, өндирис ушын мамық ҳәм қымбат баҳалы жүн өнимлери алынады.

Усы бағдарда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, қояншылық тараўын раўажландырыўдың әҳмийети, оннан алынатуғын өнимлердиң пайдасы ҳәм тараўды раўажландырыўды турмысқа енгизиў бойынша атап өтти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.4K views14:33
Ochish/sharhlash
2023-01-06 11:19:55
Биогумус Калифорния жаўын қурты жәрдеми менен ислеп шығарылатуғын органикалық төгин есапланады. Жердиң өнимдарлығын арттырыў, оннан жоқары дәрамат алыўда биогумустан пайдаланыўдың әҳмийети айрықша.

Ең баслысы, үй шараятында биогумус таярлаў оғада аңсат ҳәм оның нәтийжелилиги де жоқары.

Елимизде мине усындай пайдалы жумысты баслап, өнимдар төгин ислеп шығарып атырған инсанлар көпшиликти қурайды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.2K views08:19
Ochish/sharhlash
2023-01-06 10:53:27
Бирге ислесиў жумыстың нәтийжелилигин арттырады

Орынларда депутатлар тәрепинен мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы үйренилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қоңырат районы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районда болды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.7K views07:53
Ochish/sharhlash