Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 42.74K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 60

2023-01-14 15:41:28
Ўатан қорғаўшылары күни белгиленди

Усы жылдың 14-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.4K views12:41
Ochish/sharhlash
2023-01-13 08:45:51
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Глобал Қубла ҳаўазы» онлайн-саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг “Глобал Жануб овози” онлайн-саммитидаги
нутқи

Выступление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева на онлайн-саммите «Голос глобального Юга»


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.6K views05:45
Ochish/sharhlash
2023-01-13 08:20:48
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 31 йиллиги ҳамда Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан ҳарбий хизматчилар ва ҳуқуқни муҳофаза қилиш органлари ходимларидан бир гуруҳини мукофотлаш
тўғрисида

О награждении группы военнослужащих и сотрудников правоохранительных органов в связи с 31-й годовщиной образования Вооруженных Сил Республики Узбекистан и Днем защитников Родины


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.9K views05:20
Ochish/sharhlash
2023-01-13 08:05:11
Өзбекстан Президенти раўажланып атырған мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламаларды алға қойды

Ўзбекистон Президенти ривожланаётган мамлакатларни қўллаб-қувватлашга қаратилган ташаббусларни илгари сурди

Президент Узбекистана выдвинул инициативы в поддержку развивающихся стран


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
6.7K views05:05
Ochish/sharhlash
2023-01-13 07:52:21
Бугун Ўзбекистон Республикаси Президенти, Қуролли Кучлар Олий Бош Қўмондони Шавкат Мирзиёев раислигида Президент ҳузуридаги Хавфсизлик кенгашининг кенгайтирилган йиғилиши бўлиб ўтади.

Сўнг давлатимиз раҳбари Тошкент шаҳрида Қуролли Кучлар Ҳарбий тиббиёт академияси ва Мудофаа вазирлиги Марказий ҳарбий клиник госпитали фаолияти билан танишади.

Шунингдек, Президентимиз Қуролли Кучлар ташкил этилганининг 31 йиллиги ва 14 январь - Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан бир гуруҳ ҳарбий хизматчиларга давлат мукофотларини топширади.

Сегодня под председательством Президента Республики Узбекистан, Верховного Главнокомандующего Вооруженными Силами Шавката Мирзиёева состоится расширенное заседание Совета безопасности при Президенте.

Затем глава государства ознакомится с деятельностью Военно-медицинской академии Вооруженных Сил и Центрального военного клинического госпиталя Министерства обороны в Ташкенте.

Также, Президент вручит государственные награды группе военнослужащих по случаю 31-й годовщины образования Вооруженных Сил и 14 января - Дня защитников Родины.

Facebook|Instagram|Twitter
4.7K views04:52
Ochish/sharhlash
2023-01-12 20:47:59
Өз кәсибиниң ҳақыйқый пидайылары халық ийгилиги жолында аянбай мийнет етпекте

Бүгин тәбияттың ынжықлықлары себеп суў тәмийнатында жүзеге келген авариялық жағдайды сапластырыў, ишимлик суўының бийкарға ысырап болыўының алдын алыў ушын тараў пидайылары муздай суўға түсип, машқаланы сапластырыў илажларын көрип атыр.

Бундай инсанлар арамызда талай табылады. Мәселен, жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийнлеўден тысқары кешки ўақытларда жолаўшылардың транспорт қураллары арқалы үйлерине аман-есен жетип алыўлары ушын Орайлық дийқан базар алдында жөнелисли таксилер менен автобусларды шөлкемлестирип, белгиленген жөнелислердеги ҳәрекетлерин жолға қойып атыр.

Усындай ҳаўа райында жыллы үйинен безип, халық ийгилиги жолында өз жумысын минсиз атқарып атырған тараў пидайыларын күн қаҳарманлары деп айтсақ арзыйды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
12.6K views17:47
Ochish/sharhlash
2023-01-12 20:41:42
Нөкис қаласының ишки хожалық жолларында қурылыс жумыслары басланды

Нөкис қаласындағы ең шетки аймақлардан бири есапланған «Бес төбе» МПЖ аймағында ишки жоллардың қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Аймақта жәми 6,395 км ишки жоллар оңланыўы белгиленген болып, соннан 2 көшеге асфальт, 14 көшеге қум-щебен араласпасын (ЩПС) төсеў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта дәслепки басқыш әмелге асырылып, ойлы-бәлент болған көшелерди бир тегис ҳалатқа келтириў илажлары көрилмекте.

Усы ийгиликли басламалардың даўамы ретинде пайтахтымыздағы «Жаңа базар» МПЖ аймағында да жумыслар даўам етпекте. Атап айтқанда, Ғайбулла бий көшесине цементобетон қапламасын төсеў ушын ой-шуқырлары тегисленип, таярланып атыр.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.3K views17:41
Ochish/sharhlash
2023-01-12 20:32:57
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды

Бүгин Нөкис қаласындағы Бағшылық мәкан пуқаралар жыйынында бир қатар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды кирип киятырған 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үй гилтлерин тапсырды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
9.0K views17:32
Ochish/sharhlash
2023-01-12 13:15:27
Жәмийетлик транспортлардың турақлылығын тәмийнлеў мақсетинде АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын төленетуғын компенсация пуллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы шешими менен Транспорт министрлигине өткерип берилген ҳәм усы компенсация пуллары арқалы Транспорт министрлиги жәмийетлик транспорт пенен тәмийинлеўши кәрханалар менен есап-санақ жумысларын алып барады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.6K viewsedited  10:15
Ochish/sharhlash
2023-01-12 12:26:51
Жәмийетлик транспортлардың турақлылығын тәмийнлеў мақсетинде АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи

Автомобиллерге қысылған газ куйыў компрессор шақапшаларына (Метан) газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылғанлығы себепли ҳәмде республикамыз аймағын транспорт хызмети менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен шешим қабыл етилди.

Оған бола, жәмийетлик транспортта хызмет көрсетиўши кәрханаларға газ орнына АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи.

Бунда лицензияға ийе болған Дамас маркалы автомобиллер ушын күнине 40 000 сум муғдарында ҳәмде көп сыйымлы микроавтобуслар (Газель, ЈАС, Shineray ҳәм басқалар) ушын 128 000 сумға шекем компенсация муғдары белгиленди.

Компенсация төлеў тәртиби төмендегише:
тендер линия ийелери тәрепинен бензин чеклери ҳәмде сол чекте лицензияланған автомобилдиң мәмлекетлик белгиси көрсетилген мағлыўматнама Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине тапсырылыўы шәрт.

Ҳүрметли жәмийетлик транспорт хызмети басқарыўшылары!

Бундай күтилмеген жағдайда халқымыздың аўырын жеңил етиў мақсетинде қабыл етилген шешим тийкарында автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында бензин баҳасын, белгиленген жөнелислерде орнатылған баҳаларды тийкарсыз қымбатлатып жибермеў ҳәм жөнелис схемасы тийкарында ҳәрекетлениўди сораймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
17.1K viewsedited  09:26
Ochish/sharhlash