Get Mystery Box with random crypto!

Joqarǵi keńes.uz

Kanal manzili: @joqargikenes
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 42.74K
Kanalning ta’rifi

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 64

2023-01-06 08:39:31
Үй шараятында қояншылықты жолға қойып, шаңарағына дарамат киргизип атырған заманласларымыз арамызда оғада көп. Солардан бири Қанлыкөл районы турғыны Рустем Ережепов. Ол жеңиллетилген кредит тийкарында 16 дана қоян алып, үй шараятында қоян бағыўды баслаған ҳәм бүгин оның қоянларының саны 100 ге шамаласты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.1K views05:39
Ochish/sharhlash
2023-01-06 08:19:00
Кирип киятырған аномал суўық ҳаўа-райы бойынша мағлыўмат

Усы жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы аймағына Волгабойы аймақларынан Россия Европа бөлегиниң арқа аймақларында қәлиплескен суўық ҳаўа массасы кирип келиўи басланады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы гидрометеорология хызмети орайы
хабар берди.

Сонлықтан, Республикамыздың барлық буўындағы билимлендириў мәкемелеринде қысқы дем алыс мүддети 17-январьға шекем создырылды.

Ҳаўа температурасының кескин түсип кетиўи себепли бақшаларда да гезектен тыс дем алыс жәрияланды. Яғный, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларында мәўсимлик грипп кеселлиги, аязлаўдың кескин көбейиўине жол қоймаў мақсетинде 10-18-январь күнлери гезектен тыс дем алыс жәрияланды.

Дем алыс узайтылыўы мүнәсибети менен авиа ҳәм темир жолларда қосымша орын (рейс) лар ажыратылады.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
11.0K views05:19
Ochish/sharhlash
2023-01-05 17:02:15
2023-жыл 6-январь күни саат 16:00 де Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қояншылыққа қәнигелестирилген кластер, фермер, жеке хожалықлар басшылары, шарўа қәнигелери ҳәм ҳәўескер қоян бағыў менен шуғылланыўшылар ушын семинар болып өтеди.

Семинарда тараў бойынша жетик қәнигелер қояншылықты жолға қойыў, оның дәрамат табыў дәреги сыпатындағы хызмети, қоян жетистириўде дус келинетуғын машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары, сондай-ақ, қоян жетистириўдиң бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник бериўи белгиленген.

Мәнзил: Нөкис қаласы А.Өтепов көшеси 31-жай
Мағлыўмат ушын телефон 61 224-71-09


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
9.4K viewsedited  14:02
Ochish/sharhlash
2023-01-05 13:31:56
Мүрәжаттағы ҳәр бир мәселе халқымыз ушын хызмет етеди

Бүгинги күнде республикамызда коррупцияның алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-май күнги «Мәмлекетлик басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизимлерин жетилистириў ҳәм усы тараўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў илажлары хақкында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда үгит-нәсият илажлары алып барылмақта.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
10.3K views10:31
Ochish/sharhlash
2023-01-05 10:08:20
Сенатор Президент қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов басшылығында Төрткүл районы мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслар бойынша жыйналыс өткерилди.

Онда сенатор қарар тийкарында ажыратылған қаржылардың нәтийжели жумсалыўы, қурылыс жумысларының өз ўақтында орынланыўы бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
8.4K views07:08
Ochish/sharhlash
2023-01-04 13:11:11
Қазақстан Республикасының Астана қаласында қарақалпақ ҳәм қазақ тилши илимпазлары авторлығындағы «Қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы- паремиологиялық сөзлиги» китабы баспадан шықты

Сөзликте қарақалпақ ҳәм қазақ тиллериндеги нақыл-мақаллар салыстырылып, олардың мәнилерине түсиник берилген. Соның менен бирге, ҳәр бир нақыл-мақаллардың изинде олардың рус ҳәм инглис тиллериндеги мәнилери де келтирилген.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.8K viewsedited  10:11
Ochish/sharhlash
2023-01-04 07:35:19
Өткен ҳәптеде республикамызда жүз берген тийкарғы жаңалықлар менен танысың:

Исбилерменлер ушын қабыллаў болып өтти

Жынаятшылықтың алдын алыўға арналған мәжилис болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев "Хошамет-2022" сыйлығын тапсырыў мәресимине қатнасты

Кегейли районында "Aqtuba textil group" кәрханасы ашылыўы болып өтти

Тақыятас «Балалар үйи»нде Жаңа жыл байрамы болып өтти

Балаларға президент саўғасы тапсырылды

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларына Президент саўғаларын тапсырды

«Арал» футбол командасына жаңа микроавтобус тапсырылды

Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими жеңимпазлары сыйлықланды

Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районындағы майыплығы болған ер адамлар ушын арналған Мүриўбет үйине барды

Шымбай районында жаңа балалар бақшасы имараты пайдаланыўға тапсырылды

Қараөзек районында жәрдемге мүтәж болған 76 шаңараққа байрам алды саўғалары тапсырылды

Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық үй турғынларын байрам мүнәсибети менен қутлықлады

Жаңа жыл қарсаңында 31 хожалық үйли болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқыншы сессиясы болып өтти

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Ақмаңғыт» посёлка пуқаралар жыйынындағы кекселер үйине барды

Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайында емленип атырған балалар байрам менен қутлықланды

Жоқарғы Кеңес Баслығы республикалық көп тармақлы балалар медицина орайында болып, балаларды жаңа жыл менен қутлықлады

Республикалық руўхый ҳәм неврология кеселликлери диспансеринде емленип атырған балаларға байрам кейпияты бөлисилди

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» орайындағы балаларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
4.1K views04:35
Ochish/sharhlash
2022-12-31 22:26:31
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы

Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Сизлерди инсанлар қәлбине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршени және де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Толық мағлыўмат


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
4.1K viewsedited  19:26
Ochish/sharhlash
2022-12-31 22:26:15
Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Новогоднее поздравление народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
3.4K views19:26
Ochish/sharhlash
2022-12-31 22:26:15
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
3.4K views19:26
Ochish/sharhlash