Get Mystery Box with random crypto!

Әмиўдәрья районы ҳәкими тайынланды Усы жылдыӊ 12-сентябрь күн | Joqarǵi keńes.uz

Әмиўдәрья районы ҳәкими тайынланды

Усы жылдыӊ 12-сентябрь күни халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Хожаметов Сабир Жаббарберганович Әмиўдәрья районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

Усыныӊ менен халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, С.Хожаметов мийнет жолы даўамында аўыл хожалығының бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларында жемисли мийнет еткен.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетинде жуўапкершиликли лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter