Get Mystery Box with random crypto!

Қурамалы операциядан соң 6 бала өмирге қайта келди Усы жылдың | Joqarǵi keńes.uz

Қурамалы операциядан соң 6 бала өмирге қайта келди

Усы жылдың 10-сентябрь сәнесинен баслап, Қарақалпақстанда америкалы кардиохирург шыпакерлер жүрегинде туўма нуқсаны бар болған балаларда ашық түрдеги қурамалы операцияларды ислеп атыр.

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Қарақалпақстан медицина институты университет клиникасында операциясы әмелге асырылған балалардың ҳалынан хабар алды.

Онда Қарақалпақстан медицина институты ректоры О.Атаниязова қатнасты.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары операциялардың нәтийжели өткерилиўи халқымызды айрықша қуўанышқа бөлеп атырғанлығын атап өтти.

Айтып өтиў орынлы, сентябрь айының ақырына шекем Американың Global Cardiac Alliance фонд баслығы профессор William Novick басшылығында бир топар кардиохирурглар, Өзбекстан Республикасы Балалар миллий медицина орайы директоры Мақсуд Саидов ҳәм оның қәнийгелери, Қарақалпақстан медицина институты шыпакерлери, клиникалық ординаторлар, магистрлар ҳәм жоқары курс студентлери Қарақалпақстандағы туўма жүрек нуқсаны бар балаларда 50 ге жақын ашық түрдеги жүрек операцияларын әмелге асырыўы режелестирилген.

Бүгинге күнге келип туўма жүрек нуқсаны бар болған 22 балада ашық жүрек операциялары нәтийжели әмелге асырылды.

Ушырасыў даўамында қурамалы операциясы нәтийжели өткерилген ҳәм саламатлығы турақласқан 6 бала шаңарағы қушағына қайтарылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter