Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.73K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 325

2021-12-15 17:46:14
10.7K views14:46
Ochish/sharhlash
2021-12-15 16:45:28
Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети район орайына орнатылған жаңа жыл шыршасынан көринис жәриялады.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
12.7K views13:45
Ochish/sharhlash
2021-12-15 16:31:00
Елликқалалы келиншектиӊ тораӊғылға асылыўына себепши не болған…

https://kruz.uz/kk/news/show/13958

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.6K views13:31
Ochish/sharhlash
2021-12-15 16:01:16
Республикамыз жол хожалығы тараўында қандай жумыслар әмелге асырылды?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11 автомобиль жолы ҳәм 2 көпир жәми 13 реконструкция объектинде 35,5 км автомобиль жолларын оӊлаў режелестирилген болып, әмелде 45,7 км де қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 2-апрельдеги ПҚ-5048 санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 505,6 км узынлықтағы 839 объектте 505,6 км ишки хожалық жолында оӊлаў жумыслары толық орынланды.

2021-жылда 22 көпир күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде оӊланды, 7 көпирде қайта қурыў жумыслары, 3 көпирде капитал оӊлаў жумыслары, 1 көпир қайта қурыў ушын табийий апатларды сапластырыў бойынша бағдарламаға киргизилди ҳәм қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етип атыр.

Қарақалпақ Автожол

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.4K views13:01
Ochish/sharhlash
2021-12-15 15:45:36
Қәллибек Камалов ҳаққында және бир жаӊа китап

Шығармада жазыўшы бир инсан өмири арқалы қарақалпақ халқыныӊ соӊғы жүз жыллығындағы турмысына нәзер салады.

https://kruz.uz/kk/news/show/13957

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
8.9K views12:45
Ochish/sharhlash
2021-12-15 15:24:09
Қараөзек районындағы Ғәрезсизлик майданына Жаңа жыл шыршасы орнатылмақта.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.0K views12:24
Ochish/sharhlash
2021-12-15 15:15:59
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

ТЕНДЕР ТАҢЛАЎЫНА ҚАТНАСЫЎШЫ КӘРХАНА БАСШЫЛАРЫ ДЫҚҚАТЫНА!

2021 - жыл 21-декабрь күни болып өтетуғын ашық тендер таңлаўына усынылатуғын 1 (бир) автотранспорт қуралы менен еки кәрхана нотариустан шәртнама дүзип, лицензия алып, ашық тендер таңлаўына қатнасқаны анықланған жағдайда еки кәрханада тендер таңлаўынан шетлетилетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

ЕСЛЕТПЕ: Тендер таңлаўында жеңимпаз болған кәрханада усындай жағдай анықланса тендер шәртнамасы бийкар етилип, жөнелис қайта тендер таңлаўына қойылады.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.1K views12:15
Ochish/sharhlash
2021-12-15 14:01:52
Нөкис-Хожели көпиринде ЖТҲ жүзеге келди

Бул ҳаққында KRuz.uz оқыўшысы мәлим етпекте. Видеода Дамас ҳәм Ласетти автомобильлери ЖТҲға ушырағаны сәўлеленген.

Жағдай шеңберинен еле рәсмий мағлыўмат берилмеди.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.3K views11:01
Ochish/sharhlash
2021-12-15 12:51:38
Өзбекстан армиясында парықланыўшы жаңа белги шөлкемлестирилди

https://kruz.uz/kk/news/show/13951

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.8K views09:51
Ochish/sharhlash
2021-12-15 12:14:09
#Билесизбе

Киши жастағы балалардың азық-аўқат рекламасы қалай бериледи?

Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқатлары рекламасы төмендеги талапларға сәйкес болыўы шәрт:

ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлерди реклама қылыўға жол қойылмайды;

ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлерге байланыслы мәлимлемелер нәрестелерди алты айға шекем азықландырыўда ана сүти менен азықландырыўдың пайдасы ҳәм артықмашылықлары ҳаққындағы көрсетпелерди өз ишине алған болыўы керек;

бала өмириниң биринши жылында оның рационына киргизилген қосымша аўқат өнимлери рекламасында жасқа байланыслы шеклеўлер ҳәмде қәнигелердиң мәсләҳәти зәрүрлиги ҳаққында ескертиў болыўы керек.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.0K views09:14
Ochish/sharhlash