Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi kruzuz — KRuz.uz |Рәсмий канал
Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.12K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 324

2021-12-17 20:05:26
Бақсышылық өнериниң ЮНЕСКО дизимине киритилиўи бойынша елимиз бақсы ҳәм жыраўларының пикирлери

Мухаммед Торебеков - жас бақсы, "Ниҳол" сыйлығы лауреаты

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасының мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
6.1K views17:05
Ochish/sharhlash
2021-12-17 18:51:48
#Тайынлаў

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының директоры жаңа лаўазымға тайынланды

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Оған көре Айтниязов Махмутбай Байниязович Министрлик аппаратындағы Театр ҳәм цирк көркем өнерин раўажландырыў басқармасы баслығының орынбасары лаўазымына тайынланған.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
8.0K views15:51
Ochish/sharhlash
2021-12-17 15:38:52
#Канал_оқыўшысынан_хабар

А. Бегимов көшесиндеги үй ийесиниң атызына өрт кеткени айтылмақта

@KRuzuz каналы оқыўшысының хабар бериўинше, А. Бегимов көшеси бойындағы үй ийесиниң атызына өрт кеткен. Нәтийжеде әтирапқа қара түтин жайылмақта. Орынға өрт өшириўшилер барғаны айтылды.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.5K views12:38
Ochish/sharhlash
2021-12-17 12:40:48
Кегейли районында жаңа жыл шыршасы орнатылды

Пуқараларымызға байрам кейпиятын үлесиў мақсетинде районымыздың жаңа жыл шыршасын безеў жумыслары баслап жиберилди. Сондай-ақ, қаламызды да жақтыландырыўшы лампалар менен безетиўде режелестирилген.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.2K views09:40
Ochish/sharhlash
2021-12-17 12:01:21
Киберспорт бойынша турнирге 250ден аслам қатнасыўшы дизимнен өтти

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен Esports Өзбекистан Федерациясы, “UzReport TV” ҳәм “Futbol TV” биргеликте шөлкемлестирилген “Uzbekistan Cup Muynak-2021” киберспорт бойынша Өзбекстан кубогы турнири басланыў алдында.

Ҳәзирде дизимге алыў жумыслары жуўмақланып, 250ден аслам киберспортшы дизимнен өтти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.0K views09:01
Ochish/sharhlash
2021-12-17 11:39:05
Арқа Кореяда адамларға 11 күнге күлиў қадаған етип қойылды

Мәмлекеттиң алдынғы басшысы Ким Чен Ир қайтыс болғанына 10 жыл толды. Сәне мүнәсибети менен мәмлекетте 11 күнге күлиў ҳәм спиртли ишимликлер ишиў қадаған етип қойылды.

Ҳүкимет адамларды усы күнлери бахытлылықтың қандайда бир белгисин көрсетиў мүмкин емеслиги ҳаққында ескерткен.

Ким Чен Ир мәмлекетти 1994/2011-жыллар аралығында басқарған. Оның өлиминен кейин болса мәмлекетти баласы - Ким Чен Ин басқармақта.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.2K views08:39
Ochish/sharhlash
2021-12-17 11:21:42
Интернет тармақларында «Абайлы болың пиядалар жолында оқыў машинасы» деп тарқалған видео бойинша мағлыўмат берилди.

ҚР ИИМ ЖҲҚБ Баспасөз хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
11.0K views08:21
Ochish/sharhlash
2021-12-17 10:50:31
Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады

Мектеп оқыўшылары ушын II шеректиң соңғы күни 27-декабрь, дүйшембиге туўры келеди, 28-декабрь болса қысқы дем алыстың биринши күни болады.

Дем алыс 14 күн – 10-январьға шекем даўам етеди. III шерек 11-январьдан басланады — ХБМ.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.2K views07:50
Ochish/sharhlash
2021-12-17 09:15:55
Хожели районы ҳәкими тиккелей эфирде халыққа мүрәжат жоллайды

Бүгин саат 15:00де Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң нәўбеттеги XXXVII - сессиясы ҳәкимликтиң үлкен мәжилислер залында болып өтеди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Онда Хожели районында 2021-жылы социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2022-жыл ушын белгилеп алынған ис-режелер бойынша ҳәким Ермашев Женгис Маратовичтиң район халқына мүрәжаты жолланады.

Буннан тысқары мүрәжатта бир неше күн бурын социаллық тармақларда жәрияланған "Мыздакхан" естелиги бойынша арнаўлы КОМИССИЯ жуўмағы ҳаққында да РӘСМИЙ мәлимлеме берилиўи күтилмекте.

facebook.com/xojeli.rkuz фейсбук

https://t.me/hokimgamurojaat

телеграм топарынан тиккелей эфир арқалы тамашалаўыңыз мүмкин.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.0K views06:15
Ochish/sharhlash
2021-12-17 08:53:07
“Өзнефтгаз” АЖне қараслы жанылғы қуйыў орынларында бүгин, 17-декабрь күнинен баслап “AИ-80” маркадағы бензин баҳасы 6500 сўм етип белгиленди.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.5K views05:53
Ochish/sharhlash