Get Mystery Box with random crypto!

Республикамыз жол хожалығы тараўында қандай жумыслар әмелге ас | KRuz.uz |Рәсмий канал

Республикамыз жол хожалығы тараўында қандай жумыслар әмелге асырылды?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11 автомобиль жолы ҳәм 2 көпир жәми 13 реконструкция объектинде 35,5 км автомобиль жолларын оӊлаў режелестирилген болып, әмелде 45,7 км де қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 2-апрельдеги ПҚ-5048 санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 505,6 км узынлықтағы 839 объектте 505,6 км ишки хожалық жолында оӊлаў жумыслары толық орынланды.

2021-жылда 22 көпир күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде оӊланды, 7 көпирде қайта қурыў жумыслары, 3 көпирде капитал оӊлаў жумыслары, 1 көпир қайта қурыў ушын табийий апатларды сапластырыў бойынша бағдарламаға киргизилди ҳәм қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етип атыр.

Қарақалпақ Автожол

Каналға ағза болыў: @KRuzuz