Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.12K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 16

2024-05-11 16:20:35 Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилетуғын қандай жеңилликлерди билесиз?

2023-жыл басында ЖООларға кириўде берилетуғын жеңилликлер дизими тастыйықланған. Оған бола, кириў имтиханларында 41 түрдеги жеңилликлер бар. Олар арасында мектеп тәрепинен берилетуғын алтын ҳәм гүмис медаллар тилге алынбаған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.2K viewsedited  13:20
Ochish/sharhlash
2024-05-11 14:43:19
Қарақалпақстанлы дзюдошы Шарофиддин Болтабоев Астанадағы беллесиўде финалға шықты

Спорттың дзюдо түри бойынша Қазақстанның Астана қаласында болып өтип атырған «Үлкен дубылға» турниринде -81 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы жерлесимиз Шарофиддин Болтабоев ярым финалда япониялы Сотаро Фуживараны вазари баҳасы менен жеңип финалға шықты.

Шарофиддин Болтабоев бүгин кеште АЛТЫН медальды жеңип алыў ушын германиялы дзюдошы Тимо Кавелиус пенен беллесиўи күтилмекте.

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.8K views11:43
Ochish/sharhlash
2024-05-11 14:00:36
#Вакансия

Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды

Қарақалпақстанның Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық районлар бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин.

1.Нөкис қаласы 

2.Тахтакөпир районы 

3.Хожели районы 

4.Шымбай районы 

5.Шоманай районы

6.Мойнақ районы

7.Қоңырат районы 

8.Тақыятас районы

9.Нөкис районы

10.Кегейли  районы  

11.Қараөзек районы  

12.Қанлыкөл районы 

13.Бозатаў районы

14.Беруний районы

15.Төрткүл районы

16. Әмиўдәрья районы

17. Елликқала районы

@KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.2K views11:00
Ochish/sharhlash
2024-05-11 12:56:29
Аралдың суўлары теңизге сыймай турған дәўирлер

Арал теңизиниң Мойнақ районына тутасқан жағалары, 1957-жыл.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10.2K views09:56
Ochish/sharhlash
2024-05-11 09:30:45
«Газета.uz» журналисти Евгений Сорочин Нөкис қаласынан фоторепортаж таярлады

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9.6K views06:30
Ochish/sharhlash
2023-06-12 20:30:48
Formula-1'деги қарақалпақ қызы Дилфуза Маткаримова

KRuz.uz Formula-1'де маршал болған қарақалпақстанлы Дилфуза Маткаримова менен сәўбет өткерди.

Дилфуза Маткаримова 2,5 жыл даўамында Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институтында ислеген, ҳәзирде Ташкент мәмлекетлик экономика университети Индонезия менен қоспа тәлим бағдарламасы 2-курс магистранты.

Видеода ол әтирапындағы ҳәр қыйлы стереотиплер ҳәм оларды қалай жеңип өткени ҳаққында айтты. 

Мағлыўмат орнында, Дилфуза Маткаримова Rally Muynak-2023 жарысларында жалғыз ҳаял судья ретинде қатнасқан. Биз бул ҳаққындағы пикирлерин де сорадық.

Толық интервью




Мақаланы оқыў
https://kruz.uz/kk/news/show/318

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
1.8K views17:30
Ochish/sharhlash
2023-06-12 20:15:38 Енди «Ашық бюджет» жойбарлары жеңимпаз болыўы ушын 1,5 мың даўыс жетерли болады

«Усы мақсетлер ушын жыл жуўмағына шекем тағы 1 2 триллион сум ажыратамыз», - деди Шавкат Мирзиёев қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыў ўақтында.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.2K views17:15
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:58:00 «Жаслар ушын арнаўлы турақ-жайлар қурылады ҳәм келеси 7 жылда ҳәр жылы 1000 жас шаңараққа жеңиллетилген ипотека кредитлери бериледи» – Шавкат Мирзиёев

Оның ушын, усы жойбарға Хожели районынан биринши басқышта 100 гектар жер ажыратылады ҳәм 100 миллион доллар қаржы бағдарланады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.5K viewsedited  16:58
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:55:05 “Мискин -Нөкис” темир жол линиялары электрластырылады

Узынлығы 465 км болған “Бухара -Үргениш-Хийўа” ҳәм узынлығы 196 км болған “Мискин -Нөкис” темир жол линиялары электрластырылады.

Бул жойбарға 460 млн доллар жөнелтириледи.

Бул линия иске түскеннен кейин, “Ташкент - Самарқанд - Бухара - Хийўа” дәстүрий туристик шынжырына Қарақалпақстан да қосылады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz
3.4K viewsedited  16:55
Ochish/sharhlash
2023-06-12 19:51:19
Ташкенттен Нөкиске тезжүрер поезд рейси жолға қойылады

Елликқала, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары туризмге қәнигелестириледи. Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Хожели, Қанлыкөл, Қоңыратта жол-саўда инфраструктурасы кеңейтириледи.

@KRuzuz
3.4K views16:51
Ochish/sharhlash