Get Mystery Box with random crypto!

Миллий гвардияның айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларын анықлаў | KRuz.uz |Рәсмий канал

Миллий гвардияның айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларын анықлаў бойынша ўәкиллиги Ишки ислер басқармалары ҳуқықы менен теңлестирилди

Президенттиң тийисли Пәрманына муўапық, Миллий гвардия мойнына ғалабалық илажлар ўақтында, сондай-ақ, бағлар, қыябанлар, базарларда жәмийет қәўипсизлигин ҳәм тәртибин сақлаў ўазыйпасы жүклетилген.

Усы жылдың 12-май сәнесинен баслап Миллий гвардияға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 16-статьясы бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды анықлаў ўәкиллиги берилди.

Енди Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен орынның өзинде шахсты анықлаў ҳәм электрон формада протокол дүзиў тәртиби әмелге асырылады. Усы протокол болса судқа ямаса Миллий гвардияның лаўазымлы шахсларына жибериледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша көрсетилген статьяларға бола, Ишки ислер басқармасы ҳәм Миллий гвардия шөлкемлери ислерди көрип шығыўда тең ҳуқықлы болып есапланады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz