Get Mystery Box with random crypto!

Нөкисте халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтеди 9, | KRuz.uz |Рәсмий канал

Нөкисте халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтеди

9, 10-июнь күнлери Нөкис инновациялық институтында халық аралық илимий-әмелий конференция болып өтеди. Бул илажда билимлендириў тараўына тийисли халық аралық майдандағы ең абырайлы халық аралық шөлкемлердиң рәсмий ўәкиллери биринши рет Нөкис қаласына келип, конференцияда қатнасады.

Бунда Германия, Уллы Британия, Россия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, БМШның билимлендириў сапасы бойынша ўәкили, Германияның DAAD шөлкеми рәсмий болмаған басшысы, Европа Аўқамының Еrasmus+NEO, British Council ҳәм Россияның ProQuest-Еline шөлкемлеринен ҳәм республикамыздағы илим ҳәм инновация экспертлери қатнасады.

Халық аралық конференция еки күн даўамында “Илим, пән ҳәм сапалы билимлендириў: актуал машқалалар, жетискенликлер ҳәм инновацион технологиялар” темасында болып өтеди.

ЖОО системасында болып атырған реформалар, инновациялар, системадағы бар машқала ҳәм кемшиликлерге бийпарық болмаған илимий инталы қәниге, докторант, магистр, студентлер ҳәм олардың ата-аналарын бул конференцияға шақырамыз.

@KRuzuz