Get Mystery Box with random crypto!

Экология комитети «Дослық бағы» жанындағы тереклердиң не себеп | KRuz.uz |Рәсмий канал

Экология комитети «Дослық бағы» жанындағы тереклердиң не себептен кесип кетилгенине анықлық киргизди

Хабарыңыз бар, күни кеше «Дослық бағы» жанындағы тереклердиң кесип кетилгени ҳаққында телеграм каналымызда пост жайластырған едик. ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат берди.

Мәлим етилиўинше, усы жылдың 10-апрель күни Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасы тәрепинен комитеттиң Нөкис қалалық бөлимине қала аймағындағы түрли себеплерге бола биологиялық өсиўден тоқтаған терек ҳәм сортлардың орнына жаңа терек егиў бойынша мүрәжат еткен.

Бул мүрәжатты комитеттиң Нөкис қаласы бөлиминиң инспекторлары орнында үйренип шығып, нызам шеңберинде рухсат берилген ҳәм келеси гүз мәўсиминде компенсация формасында терек егиў миннетлемеси жүклетилген.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz