Get Mystery Box with random crypto!

KRuz.uz |Рәсмий канал

Kanal manzili: @kruzuz
Toifalar: Savdo , Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 32.12K
Kanalning ta’rifi

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @PRUZ12

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 321

2021-12-21 09:59:53
Балық жетистириўшилерге салықтан жеңиллик бериледи.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.7K views06:59
Ochish/sharhlash
2021-12-20 15:00:21
Қарақалпақстанда шаңлы боран болыўы күтиледи

Республикалық Гидрометеорологиялық хызмети Өзбекстанның базы аймақларында шаңлы боранлар болыўын ескертти.

Хабар берилиўинше, 21-декабрь күни Өзбекстан аймақларына кирип келиўи күтилип атырған күшли самаллар ҳәм Түркменстан Республикасы шегара аймақларынан шаңлы боранлар кирип келиўи күтилип атырғаны себепли Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында ҳәм республиканың шөл аймақларында шаңлы боранлар болыўы бақланыўы мүмкин.

Еслетип өтемиз, 21-22-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына Каспий теңизи арқалы Кавказ аймақларынан ығал ҳәм суўық ҳаўа ағымлары кирип келиўи күтилмекте.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.3K views12:00
Ochish/sharhlash
2021-12-20 14:36:32 #Билесизбе

Өзгелер күтимине мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар төмендеги өнимлер менен бийпул тәмийинленеди (1 адам ушын бир айда):

Ун (жоқары сорт) – 3 кг;
Гүриш – 1 кг;
Гречка жармасы – 500 гр;
Макарон өнимлери – 500 гр;
Мал гөши (сүйексиз) – 1 кг;
Үй таўығы гөши – 1 кг;
Сары май – 200 гр;
Мәйек – 15 дана
Қант-қумшекер – 1 кг;
Күнгебағар майы – 1 л;
Көк ямаса қара чай – 200 гр;
Ийис сабын – 100 гр;
Кирсабын (65%) – 200 гр;
Кир жуўыў порошогы – 150 гр;
Үлкен жастағылар ушын жөргеклик гезлеме– 8 дана.

Карантин илажларына әмел етиў дәўиринде төмендеги медициналық өнимлер қосымша түрде бериледи:

бир мәрте ислетилетуғын стерил нықап – 10 дана;
бир мәрте ислетилетуғын стерил қолғаплар – 10 дана;
суйық ямаса гел ҳалатындағы антисептик – 250 мл;
антибактериал сабын – 100 гр.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.2K views11:36
Ochish/sharhlash
2021-12-20 14:17:22
Қарақалпақстанда келеси 5 жылда
ислениўи керек жумыслар комплекси (1-бөлим):


- Аймақлық экспортты 500 млн долларға жеткериў;

- 70 мың гектар жер майданлары қайта пайдаланыўға тапсырылады;

- Шорланған жерлерди 24 мың гектарға қысқартыў;

- Гөш, сүт, мәйек, балық жетистириў көлемин 2 есеге асырыў шаралары көриледи.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.3K views11:17
Ochish/sharhlash
2021-12-20 12:52:21
Uzbekistan Airways студентлер ушын арнаўлы шегирме жәриялады

Өз қаласынан узақта жайласқан жоқарғы оқыў орынларында оқып атырған студентлер ушын усы жылдың 28-декабринен 2022-жылдың 10-январға шекем Uzbekistan Airways ишки авиақатнаўларға билетлерди 50% шегирме менен сатып алыўлары мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефон: +998 78 140 02 00

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.4K views09:52
Ochish/sharhlash
2021-12-20 12:08:21
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алдынғы Баслығы марҳум Муса Ерниязовтың туўылған күни

Муса Ерниязов 1947-жылдың 20 -декабрь күни Кегейли районында туўылған.

2002-жылдың май айынан баслап 2020-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымында ислеген.

2019-жылы "Өзбекстан Қаҳарманы" ҳүрметли атағы менен сыйлықланған.

Өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.4K views09:08
Ochish/sharhlash
2021-12-20 11:31:52
#онлайн

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ жигирма төртинши сессиясы жуўмақланды.
Сессия 1 саат 18 минут даўам етти.

Сессия даўамында айтылған әҳмийетли мағлыўматлар ҳаққында KRuz.uz сайты қосымша мағлыўматларды жәриялайды.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.3K viewsedited  08:31
Ochish/sharhlash
2021-12-20 11:11:43
Қарақалпақстанда 288 мыңнан аслам турақлы жумыс орынлары жаратылады

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳраман Сариев Қарақалпақстанда келеси 5 жыл даўамында ҳәр бир тараўда әмелге асырылыўы күтилип атырған жумыслар шеңберинен мағлыўмат берди.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.3K viewsedited  08:11
Ochish/sharhlash
2021-12-20 10:57:17
Мектеплерде Жаңа жыл байрамлары өткерилмейди - ХБМ

ӨзР Халық билимлендириў министрлиги жоқары класслар қатнасында байрам өткериў, шырша безеў ҳәм ата-аналардан пул жыйнаў мүмкин емеслигин мәлим етти.

Тек ғана басланғыш класс оқыўшылары сабақларға кесент етпеген ҳалда илажларды өткериўи мүмкин.

KRuz.uz

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
10.5K views07:57
Ochish/sharhlash
2021-12-20 10:43:17
#онлайн

Келеси жылы 23 мың 100 жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте

Социаллық-экономикалық бағдарда 2022-жыл даўамындағы режелер айтып өтилди. Оған бола келеси жылы 23 мың 100 жаңа жумыс орны жаратылып бәнтлик дәрежеси 105%ке жетиўи күтилмекте.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz
9.0K views07:43
Ochish/sharhlash