Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстандағы 19 мәҳәлледе жумысты үйде бөлип алып ислеўд | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстандағы 19 мәҳәлледе жумысты үйде бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлерге субсидия ажыратылады

Қарақалпақстандағы алыс ҳәм барыў қыйын болған районларда жайласқан 19 мәҳәлледе бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлери 3 айдан кейин бәнтликке көмеклесиў орайына жазба түрде яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бир мәртелик субсидия алыў ушын мүрәжат етиўи мүмкин.

Бир мәртелик субсидия ҳәр бир жумысты үйде бөлип алып ислеўшиге оның орташа айлық дараматы муғдарында (Жәмийетлик жумыслары фондынан) төленеди.

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды қаржылары есабынан исбилерменлик субъектлерине «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген яки «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»нде болған ҳәм үйде бөлип алып ислеў менен шуғылланып атырған пуқараларға әсбап-үскенелер сатып алып бериў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги болған бөлеги, бирақ БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz