Get Mystery Box with random crypto!

Арал түбинде толық тоғай пайда болыўы ушын және 5 жыл талап ет | KRuz.uz |Рәсмий канал

Арал түбинде толық тоғай пайда болыўы ушын және 5 жыл талап етилиўи күтилмекте

Никита Макаренко «Арал киши тоғайы» Зиновий Новицкийдиң Арал теңизи түбинен алынған жаңа сүўретлери менен бөлискени ҳаққында жазды.

Ҳәзирде 1 млн 730 мың гектар майданға сексеўил егилген. Және 0,4 млн гектар жерге сексеўил егилсе, Аралдың түби толық тоғай менен қапланады.

Буған және 5 жыл талап етилиўи айтылмақта.

Ертеңги күтилип атырған ығал ҳаўа ағымы да Арал түби ҳәм оның акваториясында күшли жаўын-шашынға алып келиўи мүмкин. Бул болса сексеўиллер ушын күтилип атырған ыссы жаз айларына жақсы ығаллық резерви менен кирип барыўын тәмийинлейди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz