Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 32.41K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2024-05-18 17:15:37 Электр тармақлары кәрханасы «свет»ти шеклеўден қанша ўақыт алдын халықты ескертиўи керек?

Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларының 159-бәнтине көре:

аймақлық электр тармақлары кәрханасы тутыныўшыларға кейинги суткаларда электр энергиясын шеклеў кестелериниң әмелге киргизилиўи ҳаққында сол күни саат 14-00 ге шекем шеклеў көлеми, шеклеў басланатуғын ҳәм тамамланатуғын ўақытта көрсеткен ҳалда хабар береди;

егер электр энергиясын шеклеў тез арада әмелге асырылыўы керек болса, бул ҳаққында тутыныўшыларға шеклеў басланыўынан кеминде 1 саат алдын хабар бериледи.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.0K views14:15
Ochish/sharhlash
2024-05-18 16:21:39«Не жаңалық?» Ислам Тлепов анық биледи!

Ислам Тлеповтың «Не жаңалық?» деген сораўға жуўабы тайын. Себеби, оның усы атамадағы телеграм каналында 100 мыңнан аслам ағзалары бар. Жаңалықлар менен бөлисиў ушын ол турақлы түрде мәмлекет ҳәм дүньяда жүз берип атырған ўақыялардан хабардар болыўға ҳәрекет етеди. Қарақалпақстан пайтахты Нөкис қаласынан дерлик 100 километр узақлықта жайласқан Қанлыкөл районындағы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйынында интернет тармағына жалғаныўда ҳеш қандай машқала жоқ.

Ислам ҳәзир 24 жаста. Ол балалығында басынан өткерген кеселликтен соң майып болып қалды. Aлты жасында оқыў ҳәм жазыўды үйренди, мектеп программасын үйде өзлестирди. Ислам балалығынан хабар технологияларына қызығады. Соннан болса керек, үш жыл алдан досты Ақылбек Турсынбеков пенен бирге жаңалықлар каналын жаратыўға қарар етти. Оның ушын тек смартфон ҳәм интернетке кириў керек еди. Бул оған машқала болмады. Себеби, Ислам усы екеўи менен қашаннан берли тил табысқан еди.

Басында жазылыўшылар оғада аз еди. Бирақ, Ислам буннан түскинликке түспестен, оқыўшылардың дийдинен шығатуғын материаллар таярлаў үстинде бас қатырды. Тынымсыз ҳәрекет өз нәтийжесин берди.

Ол бүгинги күнде өз каналы ушын басқа дереклерде жәрияланған хабарларды өзбек тилинен қарақалпақ тилине аўдарма ислейди. Сондай-ақ, өзи де мақала жазады ҳәм ағзалар турақлы түрде оның менен мағлыўмат бөлиседи. Aналитиканы болса, оның республикалық көлемдеги илажларда қатнасатуғын досты Ақылбек Турсынбеков таярлайды.

«Не жаңалық?» каналында күнине ҳәр түрдеги 15 ке шекем жаңалықлар пайда болады. Исламның жумыс кестеси бир өлшемде емес. Ɵзиң унатқан жумыс пенен шуғылланыў тек ғана заўық емес, ал дәрамат та келтиреди. Реклама беретуғынлар оның менен тығыз бирге ислеспекте. Неге дегенде, оның жаңалықлар каналы Қарақалпақстандағы басқа көплеген жаңалық каналларынан бир неше есе алдында.

Район ҳәкимлиги жигиттиң дөретиўшилик күш-ғайратын қоллап-қуўатламақта. Ҳәкимниң сыйлығы — заманагөй ноутбук болып, Ислам оннан веб-сайтлар және социаллық роликлер жаратыўда пайдаланыўды жобаластырмақта.

Исламның пикирине бола, IT тараўында ислеў аңсат. Алған билимлери оған өмирде өзин табыўға ҳәм кеселлигин умытыўға жәрдем берди. Ислам үлкен ҳәм миймандос шаңарақта үлкейген. Ата-анасы Жамурат Aяпов ҳәм Aрзыгул Узақова 4 перзентин жоқары ғамхорлықта тәрбиялаған. Ислам мудамы излениўшең, ашықкеўил, инилерине ҳәм қарындасларына өрнек болады. Ислам дүнья өзгерип атыр ҳәм адамлар да теңдей өзгериўи керек, дейди. Сонда ғана раўажланыў ҳәм жәмийетлик турмыстың орайында қалыў ҳәм адамларға пайда келтириў мүмкин. Бизиң қаҳарманымыз буны жүдә жақсы атқарады ҳәм келешек ушын мақсет ҳәм жобалар әмелдегидей болғанында, ол әлбетте көтериңки кеўилде болады.

Алёна АМИНОВА

Постты басқаларға үлги болыўы ушын тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
7.7K viewsedited  13:21
Ochish/sharhlash
2024-05-18 13:36:03 Турақ жай субсидиясын алыў ушын кимлердиң дәраматлары есапқа алынады?

Нызамшылыққа көре, турақ жай субсидиясын алыў ушын арза бериўшиге қойылатуғын бир қатар талаплар бар.

Соның ишинде арза бериўшиниң орташа айлық дәраматына қойылатуғын талап та болып, дәрамат муғдары пуқараның ҳәм/яки оның шаңарағының айлық дәраматы 2835000 сумнан көп ҳәм 8400000 сумнан аз болыўы керек.

Бул дәраматты есаплаўда төмендеги шаңарақ ағзаларының барлық дәраматлары қосып есапланады:

арза бериўшиниң өзи;
арза бериўшиниң өмирлик жолдасы;
арза бериўшиниң турмыс қурмаған перзентлериниң дәраматлары.

Яғный, арза бериўши менен оның ери (зайыбы) дәраматы жетерли болмаса (2,8 млн сумнан аз болса), олардың турмыс қурмаған перзентлериниң дәраматларын да қосыўға болады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
10.5K views10:36
Ochish/sharhlash
2024-05-18 11:55:16
Мессидиң қолы қойылған салфетка 12,5 млрд сумға сатылған

Бул салфетка Лионель Мессидиң Барселона футбол клубы менен дүзген биринши шәртнамасы болып, Британиядағы аукционда дерлик 900 мың евроға (бүгинги курс пенен 12,5 млрд сумға шамалас) сатылған.

Бул шәртнамаға қол қойғанда аргентиналы Месси 13 жаста болған. 14.12.2000-жылы дүзилген шәртнаманың өлшемлери 16,5х16,5 сантиметрди қурайды.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
8.4K views08:55
Ochish/sharhlash
2024-05-18 11:37:07
idea'da texnika ayına 99 000 sumnan!

Premier Xolodilnik99 000 sumnan
32 Smart Tv99 000 sumnan
Ferre Gaz Plita99 000 sumnan

Redmi 13C (4/128) – 99 000 sumnan
Honor X6a (4/128) – 99 000 sumnan
Vivo Y03 (4/128) – 99 000 sumnan

Sorawlar boyinsha:
71 230-77-99 | Чат

Адрес: г. Нукус, ул. Ерназара Алакоза, 60 ("Мега Нукус")

Адрес: г. Кунград, ул. Толеген Айбергенов, дом 1/А ("Mega Park")

Telegram | Instagram | Дўконларимиз | Youtube
8.5K views08:37
Ochish/sharhlash
2024-05-17 17:06:10 “Отпускной” пул қашан төлениўи керек?

Пуқарадан сораў: «Мен отпускке шыққаныма үш күн болды. Бирақ усы күнге шекем отпускной пулларымды бухгалтер төлеп бермеди. Бул отпуск пулын төлеўдиң анық ўақты нызамда жазылған ба?»

Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар, ҳәр жылғы мийнет дем алысында (отпускта) болған ўақты ушын хызметкердиң орташа ис ҳақысы сақланады.

Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын пул төлеў жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ «отпуск» (мийнет дем алысы) басланыўынан алдынғы ақырғы жумыс күнинен кешиктирилмей әмелге асырылады.

Яғный, мысалы, хызметкер «отпуск»қа 2024-жыл 1-марттан баслап шығып атырған болса, оның «отпускной» пулы 2024-жыл 29-февралдан кешиктирилмей төлеп берилиўи керек.

Пуқараның жағдайында оның мийнет дем алысы пулы өз ўақтында төленбеген ҳәм ҳуқықы бузылған есапланады. Бул жағдай бойынша пуқара бәнтликке көмеклесиў орайына шағым етсе, жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына көре, 3,4 млн сум жәрийма салыныўы мүмкин.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.2K views14:06
Ochish/sharhlash
2024-05-17 16:09:08 1-июннан баслап ...

Бағшалардың жоқары мағлыўматлы педагогларының айлығы көбейеди – Толық мағлыўмат

Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға
шекем жеңиллетилген кредит бериледи – Толық мағлыўмат

«Мусор»дан қарызы бар Нөкис қаласы
турғынлары қарызын толық төлемегенше «свет»сиз отырады – Толық мағлыўмат

Бағша төлемлери қымбатлайды – Толық мағлыўмат

Ҳәким жәрдемшилериниң жумысы сырт елден қайтып келген неше мигрантты жумыс пенен тәмийинлегенлигине қарап баҳаланады – Толық мағлыўмат

Сырт елден жумыс ислеп қайтып келген пуқараны жумысқа алған кәрханаға ҳәр айда 500 мың сум субсидия бериледи – Толық мағлыўмат

Сырт елге жумыс ислеўге баратырған пуқаралардың имтихан, виза ҳәм жол ҳақы қәрежетлери қаплап бериледи – Толық мағлыўмат

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.9K views13:09
Ochish/sharhlash
2024-05-17 14:36:58 Сырт елге жумыс ислеўге баратырған пуқаралардың имтихан, виза ҳәм жол ҳақы қәрежетлери қаплап бериледи

Президенттиң 04.04.2024-жылдағы ПП-59-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап “Сырт елде жумыс” электрон бағдарламасы арқалы дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқараларға:

шет тили ҳәм кәсиплик имтиханларын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 3 есесине (1 млн 20 мың сумға) шекем (егер имтиханнан өтип, сертификат алса);

Жумысшы виза”ны алыў ушын БЕМның 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем;

жол ҳақысы ушын БЕМның 2 есесине (680 мың сумға) шекем компенсация төленеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
10.8K views11:36
Ochish/sharhlash
2024-05-17 13:18:45 Пенсияны есаплаўда неше жыллық ис ҳақы есапқа алынады?

Министрлер Кабинетиниң 13.10.2022-жылдағы 592-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртибиниң 78-бәнтине тийкар, жумыстағы тәнепислерге қарамастан ақырғы 10 жыллық мийнет искерлиги даўамындағы қәлеген избе из 5 жыл ушын (пенсия тайынлаўды сорап мүрәжат еткен адамның таңлаўына қарап) айлық ис ҳақы алынады.

Яғный, пенсияның муғдарын есаплаўда пуқараның ақырғы 10 жыл даўамындағы жумыс стажының избе из келген қәлеген 5 жыллығында алған айлықлары есапқа алынады. Бунда қайсы 5 жыллық екенин пуқара өзиниң арзасында көрсетеди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.0K views10:18
Ochish/sharhlash
2024-05-17 12:58:32
idea'da texnika ayına 99 000 sumnan!

Premier Xolodilnik99 000 sumnan
32 Smart Tv99 000 sumnan
Ferre Gaz Plita99 000 sumnan

Redmi 13C (4/128) – 99 000 sumnan
Honor X6a (4/128) – 99 000 sumnan
Vivo Y03 (4/128) – 99 000 sumnan

Sorawlar boyinsha:
71 230-77-99 | Чат

Telegram | Instagram | Дўконларимиз | Youtube
10.3K views09:58
Ochish/sharhlash