Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Telegram kanalining logotibi xaliq_ushin — XALÍQ USHÍN ⚖️
Kanaldagi mavzular:
Qaraqalpaqtili
Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 33.80K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 12

2024-04-21 12:00:31
1-майға шекем свет хәм газ ушын есап бетине алдын ала пул салып қойғанларға 2 ай даўамында қымбатлаған тарифлер қолланылмайды

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Ҳәммеге белгили, Ҳүкиметтиң қарары менен 1-майдан баслап свет ҳәм газ ушын төлемлер қымбатлайды.

Бирақ, Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Электр энергиясы ҳәм Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларына бола, пуқара өз қәлеўи менен 2 айдан көп болмаған мүддет ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пулын алдын ала төлеп қойыўы мүмкин.

Бунда тариф өзгерген жағдайда қосымша пул өндирилмейди.

Демек, пуқара 1-майға шекем 2 ай пайдаланатуғын свет хәм газы ушын пулды алдын ала төлеп қойса, усы 2 айдың пулы 1-майға шекемги, яғный хәзирги күнги тарифлер бойынша есапланады.

Мағлыўмат ушын. Ҳәзирги тарифлер электр энергиясы ушын 1 кВт/саат=295 сум, тәбийий газ ушын 1 куб метр=380 сум.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
30.8K views09:00
Ochish/sharhlash
2024-04-21 11:15:28
Абайлы болың! Тарқатың!

Социаллық тармақларда (Youtube) “Үйде периште болыўды қәлейсизбе?” деген мазмундағы видео тарқалған. Бул видео баланы суицидке (өзин өзи өлтириўге) шақырады.

Онда балаға “периште”ге айланыў ушын көрсетпелер берилген. Яғный балаға хәмме уйқлағанда кухняға барып газдың қулақларын толық ашып шырпыны жақпастан қайтадан орнына барып жатыў айтылады.

Балаңыз телефонда не көрип атырғанын қадағалап турың!

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
19.9K viewsedited  08:15
Ochish/sharhlash
2024-04-21 07:22:16 Бүгин Нөкис қаласы ҳәм және 6 районда гезекпе-гезек «свет» өшеди

Усы жылдың 21-апрель күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласы аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеўде шеклеўлер жүзеге келеди.

Себеби, Тақыятас ЫЭСтен шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Орайлық» ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумыслары алып барылыўы жобаластырылған.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.6K viewsedited  04:22
Ochish/sharhlash
2024-04-20 19:11:30
Конкурсымызда әллеқашан 3 қатнасыўшы 500 000 сум ҳәм «Telegram Premium» утып алды.

Сизде де еле утыў имканы бар!

Ол ушын тек 2 түймени басыў жеткиликли.
-------------------------------------
«КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз.
Шыққан айнадан "Добавить" (Add ямаса Qo'shish) түймесин бассаңыз болды, таңлаўымыздың қатнасыўшысы болып есапланасыз! (ВИДЕО)
-------------------------------------
Нәўбеттеги жеңимпазымыз 21-апрель күни саат 20:00 де «TAŃLAW» каналында рандом арқалы анықланады.

Шәртлерди бириншилерден болып орынлағанлардың сыйлық утып алыў имканы көп болады.

КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ
13.5K viewsedited  16:11
Ochish/sharhlash
2024-04-20 19:08:38 Свет ҳәм газ ушын жәрдем пулды (компенсацияны) алыў ушын кимге хабарласыў керек?

Министрлер Кабинетиниң қарары менен свет ҳәм газдың қымбатлаўы мүнәсибети менен айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға свет ҳәм газдың социаллық нормадан артық бөлеги ушын мәмлекет тәрепинен компенсация (пуллы жәрдем) берилетуғын болды.

Бул компенсацияны алыў ушын жәрдемге мүтәж шаңарақ октябрь-февраль айларында ҳәр айдың 15-сәнесине шекем “Инсан” социаллық хызметлер орайына ямаса мәканлардағы социаллық хызметкерге мүрәжат етиўи керек. Арзада паспорт мағлыўматлары, абонент номери ҳәм телефон номери кѳрсетиледи.

Арза берилген айдың 27-сәнесине шекем “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ҳудудгазтаъминот” АЖ менен биргеликте үйренилип, компенсация пуллары арза берилген айдан кейинги айдың 27-сәнесине шекем шаңарақтың пластик картасына ѳткерип бериледи.

Пластик картасы жоқ шаңарақларға усы жылдың 1-ноябрине шекем Халық банки тәрепинен пластик карталар бийпул бериледи.

Демек, жәрдемге мүтәж шаңарақ октябрь-февраль айларында социаллық нормадан артық (светти 200 кВт.сааттан көп ҳәм газди 500 куб.метрден көп) пайдаланса, сол артық пайдаланған бөлегине төлеген пулын "Инсан" орайына арза бериў арқалы кейинги айда қайтарып алыўы мүмкин.

Темаға байланыслы мағлыўматлар менен төмендеги текстлер үстине басып танысыўыңыз мүмкин:

Жәрдемге мүтәж шаңарақлар қалай анықланады?
Свет ҳәм газдың социаллық нормасы қандай?
Свет ҳәм газ қаншаға қымбатлады?
Свет ҳәм газге 1-майдан баслап пул қандай тәртипте өндириледи?

Постты тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.6K viewsedited  16:08
Ochish/sharhlash
2024-04-20 12:53:40
1-майдан баслап напақа ҳәм пенсиялар муғдарлары көтериўи күтилмекте

Министрлер Кабинетиниң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарары менен Статистика агентлигине 2024-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары қымбатлаўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қунын қайта қарап шығыў ҳәм жәриялаў ўазыйпасы тапсырылған.

Соған тийкар, Экономика ҳәм финанс министрлигине 2024-жыл 1-майға шекем ең кем пенсия ҳәм напақа муғдарларын қайта қарап шығыў бойынша усыныс таярлаў тапсырылған.

Яғный, минимал тутыныў қәрежетлери қуны көбейсе, айырым пенсия ҳәм напақалар муғдары да көбейеди.

Бүгинги күнде айырым пенсия ҳәм напақалар муғдарлары мына жерде көрсетилген.

Постты тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
18.0K viewsedited  09:53
Ochish/sharhlash
2024-04-20 09:17:55

"Не нормированный" жумыс ўақты инсан жүрегин шаршатады

Алымлардың анықлаўынша ең жақсы жумыс ўақты саат 09:00 – 18:00 аралығы екен. 18:00 ден кейин де отырып ислеўши хызметкерлердиң жүреги тез истен шығады, депрессияға түседи, мийи шаршайды.

Жақынларыңызға ҳәм жумыстағы Телеграм группаларға жиберип қойың, мине не ушын көпшилик жүрек кеселлигенен «кетип атыр» ...

Мағлыўмат ушын. Нызам бойынша нормал жумыс ўақты ҳәптесине 40 сааттан (күнине 7-8 сааттан) көп болмаў керек. Нызамды жазғанлар да ҳәммесин есапқа алған шығар.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.1K viewsedited  06:17
Ochish/sharhlash
2024-04-19 18:55:18
1-майдан халық ушын белгиленген тарифлер бойынша электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пул төлеўдиң тәртиби

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.2K views15:55
Ochish/sharhlash
2024-04-19 13:45:28
Паспорт яки ID-картаны "залог"қа алған шахсқа 5 млн сумға шекем жәрийма салынады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-3-статьясына көре, паспортты ямаса ID-картаны нызамға қайшы түрде алып қойыў яки паспорт ямаса ID-картаны гиреўге (залог) алыў лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есесинен (3,4 млн сум) 15 есесине (5,1 млн сум) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.9K views10:45
Ochish/sharhlash
2024-04-19 07:50:48 Баслық кимлерди жумысқа алыўы шәрт?

Мийнет кодексиниң 119-статьясына бола, төмендеги жағдайлар нызамға қайшы түрде жумысқа қабылламаў деп есапланады:

мийнет ҳәм жумыс ислеўде кемситиўди қадаған етиў ҳаққындағы талапларды бузыў;

жумыс бериўши өзи жумысқа кириўди усыныс еткен пуқараны жумысқа қабылламаўы;

нызамға муўапық жумысқа алыныўы шәрт болған пуқараларды жумысқа алыўдан бас тартыў (жумыс орынларының белгиленген ең кем саны шеңберинде жумысқа жиберилген шахсларды, айрықша тийкарлар бойынша жумыстан босатылған шахсларды ҳ.т.б.);

ҳәмиледарлығы болғанлығы ямаса балалары бар екенлиги себепли жумысқа қабылламаў;

өзиниң ямаса жақын туўысқанларының судланғанлығы себепли жумысқа қабылламаў;

нызамшылықта белгиленген басқа жағдайларда.

Жумысқа қабыллаўдан бас тартылған жағдайда жумыс бериўши пуқараның талабына муўапық 3 күнниң ишинде оған жумысқа қабылламаўдың себеплерин көрсеткен ҳалда хат бериўи керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.5K views04:50
Ochish/sharhlash