Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Telegram kanalining logotibi xaliq_ushin — XALÍQ USHÍN ⚖️
Kanaldagi mavzular:
Qaraqalpaqtili
Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 33.80K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 5

2024-05-23 12:17:07 Өкпелегиш бала менен қандай қатнаста болыў керек?

Айырым бақша жасындағы балалар олардың кемшилигин айтқанды жаман қабыл етеди, ал олардың үстинен ҳәзиллесип күлген олардың кеўлине тийеди. Негизинде булардың барлығы норма.

Сиз сондай ўақытлары олар қәтелессе ямаса қолайсыз жағдайға түскенинде сиз күлсеңиз, ол дәрриў исинип, өзин шетке алып қашады яки бултыйып отырып алады. Бул баланың тәбийий өкпешилиги.

Бундай жағдай баланың 2-5-жасларындағы гиперсезимталлығы себепли келип шығады. Бул дәўирде баланың шахсы қәлиплеседи, яғный ол инсан ретинде санасы толық қәлиплесип болады.

Психологлардың пикиринше, балалар күлкили ҳәм қолайсыз көриниўден қорқады екен. Ҳәттеки жасы үлкенлердиң күлкиси баланың ҳәрекетлери менен байланыслы болмаса да, олар баланың үстинен күлди деп ойлайды.

Және мектепке шекемги жастағы балалар ҳәзилди дурыс баҳалай алмайды, бул қәбилет оларда шама менен 7-8 жасларында қәлиплеседи.

Сонлықтан, баланы қапа етпеў ушын баланың қолайсыз ҳәрекетиниң (мысалы, көрсетип мақтанбақшы болғанда ҳәрекети уқсамай қалғанда) үстинен күлмең, егер күлип қойған жағдайда да дәрриў оған оның үстинен күлмегениңизди айтып түсиндириң.

Әлбетте оны қушақлап оның ҳәрекети сизде унамлы тәсир қалдырғанын айтың.

Бундай жағдайларда баланың қапа болыўы негизинде оның қорқынышын билдиреди. Ол көрсетпекши болған ҳәрекетти еплей алмағанынан, «тамашагөйлер»де унамлы көз қарасты пайда ете алмағанынан қорқады.

Не ислеў керек?

Әдетте өкпешилик өз өзинен өтип кетеди. Бала мектеп жасына келгенде онда әтираптағы ўақыяларды дурыс қабыл етиў қәбилети қәлиплесип баслайды.

Жаслаў балалар дүньяны эмоциялары менен үйренеди. Ал үлкенирек балалар болса, ўақыяға яки жағдайға дурыс баҳа бериўде эмоция менен бирге ақылды да ислетеди. Яғный, олар қайерде ҳәзил болғанын ҳәм бирге күлиўге болатуғынын, ал қайерде итибар бермеўге де болатуғын жағдай екенин түсинип баслайды.

Ата-ананың бул процессте роли жүдә әҳмийетли, олар ҳәр дайым балаға жағдайды дурыс баҳалаўда жәрдем берип барыўы керек.

Ең баслысыбалаға ол қандай болса, солай жақсы көриўиңизди ҳәр дайым көрсетип турың.

Соның менен бирге ҳәдден зыят мақтап яки еркелетип жибериўден де өзиңизди тыйың, себеби ол кейининде жаман қәсийетке – ҳәр дайым мақтаўды талап етип турыўына алып келиўи мүмкин. Ондай балалар келешекте әйтеўир ҳәрекети де баҳаланбағанына түскинликке түсип қалыўы мүмкин.

Бундай жағдай болмаўы ушын баланы өзине сыртынан қараўға үйретиң. Оны жақсы сүўрет салғаны ямаса жақсы ислерди ислегени ушын мақтаң, сондай-ақ, қәтелерин де айтып турың.

Дерек

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
6.9K views09:17
Ochish/sharhlash
2024-05-23 10:43:28
ID картаны, қызыл паспортты ҳәм автотранспорт номерин үйге буйыртпа берип алыўға болады

Министрлер Кабинетиниң 31.07.2023-жылдағы 321-санлы қарарына бола, 2023-жыл 1-декабрден баслап төмендеги мәмлекетлик хызметлерин пуқараның үйине барып көрсетиў (көшпели хызмет) жолға койылды:

Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў (ID карта алыў, алмастырыў, пропискаға қойыў ҳ.т.б.) бойынша;

Автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў (тех паспортты рәсмийлеситириў) ҳәм мәмлекетлик белгисин (номерин) бериў бойынша.

Бул хызметлер пуқараның қәлеўине қарап пуллы тәртипте көрсетиледи.Бирақ айырым пуқараларға миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бойынша көшпели хызметлер бийпул көрсетиледи. Бул ҳаққында кейинги постларымызда толық мағлыўмат беремиз.

Сондай-ақ, ID-карта ҳәм «загран паспорт»ты пуқаралардың жасаў мәнзилине почта арқалы жибериў жолға қойылды.

Сүўретлерде көшпели хызметлер ушын хызмет ҳақы муғдарлары көрсетилген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
8.3K views07:43
Ochish/sharhlash
2024-05-23 08:04:26 Мәҳәллелер жумысын раўажландырыў қоры шөлкемлестириледи

Министрлер Кабинетиниң 18.05.2024-жылдағы 291-санлы қарарына тийкар, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамының «Мәҳәллелер жумысын раўажландырыў қоры» шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Сондай-ақ, қарарға бола:

Бәнтлик министрлигиниң бюджеттен тыс «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» қоры сапластырылады;

бурынғы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм оның аймақлық басқармалары және бөлимлериниң материаллық-техникалық базасы, хызмет автотранспорт қураллары, имараты ҳәм қурылмалары Өзбекстан мәҳәллелери аўқамына бийпул бериледи;

«Мәкан жетилиги» жумысы бойынша усыныслар ҳәм машқалалар, халықтың мүрәжатларын қабыллаў ушын 24 саат ислейтуғын Call-орай иске түсириледи.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
7.8K views05:04
Ochish/sharhlash
2024-05-22 20:01:34 Турақ жай ушын субсидия алғанларға дәрамат салығынан жеңиллик бар

Салық кодексиниң 378-статьясына тийкар, турақ жай ушын субсидия алған пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлерин төлеў ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмайды.

Бул жеңиллик пуқараның дәраматының салық дәўири даўамында барлығы болып МҲТЕКМның 80 есесине (84 млн сумға) шекемги болған бөлегине қолланылады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
9.7K views17:01
Ochish/sharhlash
2024-05-22 19:12:52
Фақат 4 КУН idea'да кодиционерларга Дахшат Акция!

Sitronic 12 талик - 359 200 сўмдан
Sitronic 18 талик - 479 200 сўмдан
Sitronic 24 талик - 559 200 сўмдан муддатли тўловга харид қилинг ва Совгага 32 SMART TV олинг*

Буюртма бериш учун:
71 230-77-99 | Онлайн буюртма

*
Aksiya 23-майдан 26-майгача амал қилади.

Чат | Instagram | Дўконларимиз
8.5K views16:12
Ochish/sharhlash
2024-05-22 18:17:51
Пенсияның муғдары қандай жағдайларда көбейиўи мүмкин?

Нызамшылыққа бола, пенсияның муғдары оның өзгериўине себеп болған жағдайлар жүз бергенде көбейиўи ямаса азайыўы мүмкин.

Төмендеги жағдайларда пенсия муғдары қайта есапланады:

пенсионер пенсия муғдарына тәсир етиўши (пенсия тайынланғанға шекем болған жумыс стажы және айлығы ҳаққындағы ҳәм басқа) қосымша ҳүжжетлерди берген жағдайда;

майыплық топары өзгергенде;

бағыўшысын жоғалтқанлығы пенсиясын алатуғын шаңарақ ағзалары саны өзгергенде;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдарлары өзгергенде;

дәраматлар индексация етилгенде.

Пенсионерлер пенсияны қайта есаплаў ушын сондай ҳуқық пайда болғаннан баслап қәлеген ўақытта Пенсия қорына арза бериўи мүмкин.

Пенсия муғдарын қайта есаплаў бойынша арза Пенсия қорының бөлими тәрепинен 5 күн ишинде қарап шығылады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

@XALIQ_USHIN - рәсмий ҳәм исенимли канал!
8.3K views15:17
Ochish/sharhlash
2024-05-22 18:03:24
Енди ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ каналы арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға адвокатлық хызметлер көрсетеди.

Каналда Сиз басқа каналларда уқсамаған ең зәрүр ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша қарақалпақ тилинде таза ҳәм әпиўайы түсиниклерди, жаңалықларды, күнделикли өмирде ушрасып турған машқалалар шешими туўралы пайдалы мағлыўматларды бириншилерден болып танысып барыўыңыз мүмкин.

Биз бенен байланысың, әлбетте жәрдем беремиз.
@AmangeldiAbatov +998905744447

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болыў
https://t.me/adillikadvokati
https://t.me/adillikadvokati
8.0K views15:03
Ochish/sharhlash
2024-05-22 17:18:01
Путинниң Өзбекстанға сапар етиўи күтилмекте

Россия Президенти баспа сөз хызметиниң хабар бериўинше, жақын күнлерде В.Путинниң Өзбекстанға сапары ҳаққында толық мағлыўмат бериледи.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
7.6K viewsedited  14:18
Ochish/sharhlash
2024-05-22 14:31:22
«Мәканком» енди «мәкан жетилиги» ағзалары жумысын баҳалап барады

Министрлер Кабинетиниң 18.05.2024-жылдағы 292-санлы қарарына тийкар, мәкан баслығы (мәканком) хәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторының жумысын баҳалап барады.

Бунда олардың жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлерин (KPI) баҳалаўда мәкан баслығы 20% шекем балл бериўи мүмкин.

Сүўретте «мәканком»ның «мәкан жетилиги» ағзаларына қоятуғын баллары көрсетилген.

Постты мәканкомларға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.3K views11:31
Ochish/sharhlash
2024-05-22 12:37:48 #қарақалпақтили
Ҳуқықый ҳүжжетлерде көп ушырасатуғын айырым өзбек тилиндеги терминлердиң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы

○ Қонун – Нызам
○ Низом – Реже
○ Фармойиш – Бийлик
○ Модда – Статья
○ Чора-тадбир – Ис-илаж
○ Васийлик – Қәўендерлик
○ Ҳомийлик – Әменгерлик
○ Жиноят содир этиш – жынаят ислеў
○ Маъмурий – Ҳәкимшилик
○ Ҳудуд – Аймақ
○ Масъул – Жуўапкер
○ Тизим – Система
○ Дахлсизлик – Қол қатылмаслық
○ Имзо – Қолы
○ Муҳокама – Додалаў
○ Умуминсоний – Улыўма инсаныйлық
○ Фаолият – Жумыс, искерлик, хызмет
○ Фаровонлик – Абаданлық
○ Қонун устунлиги – Нызам үстемлиги
○ Ягона – Жалғыз, бирден бир
○ Манфаат – Мәп
○ Низо – Келиспеўшилик
○ Ватанпарвар – Ўатан сүйиўшилик
○ Маънавий – Руўхый
○ Муносабат – Қатнасық
○ Мажбурият – Миннетлеме
○ Ихтиёрий – Ықтыярлы
○ Ҳуқуқбузарлик – Ҳуқық бузыўшылық
○ Гумон қилинувчи – Гүман етилиўши
○ Айбланувчи – Айыпланыўшы
○ Қонунга ўзгартириш киритиш – Нызамға өзгерис киргизиў
○ Имтиёз – Жеңиллик
○ Шахсий – Жеке
○ Хусусий – Меншик
○ Оммавий – Ғалабалық
○ Кўриб чиқиш – Қарап шығыў
○ Илова – Қосымша
○ Ҳавола – Силтеме
○ Дастур – Бағдарлама
○ Номзод – Талабан
○ Рағбатлантириш – Хошаметлеў
○ Мукофот – Сыйлық
○ Маҳаллий – Жергиликли.

Тилимизге бийпарық болмайық!

Постты ҳүжжетлер менен ислесиўши жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.0K views09:37
Ochish/sharhlash