Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Telegram kanalining logotibi xaliq_ushin — XALÍQ USHÍN ⚖️
Kanaldagi mavzular:
Qaraqalpaqtili
Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 33.80K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2024-05-30 15:56:22 Пуқараның телефон номерин яки басқа жеке мағлыўматларын басқаға адамға ийесиниң разылығысыз бериў 17 млн сумға шекем жәрийма салыўға себеп болады

«Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында»ғы Нызамға бола, пуқараның паспорт (ID-карта) мағлыўматлары, туўылған сәнеси ҳәм жери, электрон почта мәнзили, телефон номери, оқыў, жумыс орны, дәраматы, салмағы, бойы ҳәм т.б. биологиялық ҳәм физиологиялық мағлыўматлары оның шахсына тийисли мағлыўматлары есапланады.

Бундай мағлыўматларды ийесиниң разылығысыз пайдаланыў, жыйнаў, сақлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилген.

Егер бул мағлыўматлар ийесиниң разылығысыз тарқатылса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 46-2-статьясына тийкар, пуқараларға БЕМның 7 есеси муғдарында (2,3 млн сум), лаўазымлы шахсларға БЕМның 50 есеси муғдарында (17 млн сум) жәрийма салынады.

Пуқараның шахсына тийисли мағлыўматларды төмендеги жағдайларда оның разылығысыз пайдаланыўға, жыйнаўға, сақлаўға ҳәм тарқатыўға болады:

мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде пайдаланылғанда (мысалы, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде);

мағлыўматлар тарийхый, статистикалық, социологиялық ямаса илимий мақсетлерде берилгенде (мысалы, Ибрайым Юсупов ҳаққындағы мағлыўматлар усы шахс ҳаққында илимий мақала жазылғанда пайдаланылса);

шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклерден алынғанда (мысалы, социаллық тармақларға өзи ҳаққында жазған мағлыўматлар).

Постты ҳаммеге тарқатың.


Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.0K views12:56
Ochish/sharhlash
2024-05-30 15:37:29
Tek 3 kún, konditsioner satıp alınǵan zatı ushın ZO'R usınıs!

Barlıq idea dúkanlarında Sitronic konditsionerlerin múddetli tólewge satıp alınǵan zat etiń - sıylıqǵa Premier SOVITKISh alın!

Aksiya 31 maydan 2 iyunǵa shekem

Buyırtpa beriw ushın
71 230-77-99 | Чат

Telegram | Instagram | Дўконларимиз
11.6K views12:37
Ochish/sharhlash
2024-05-30 14:49:51 Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер

Жер участкасына қарары болмаған, яғный нызамға қайшы түрде қурылған турақ жайларға ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳуқықы бериледи (ПП–119-сан, 28.07.2023-жыл);

Қарақалпақстанда өзиниң исбилерменлик жойбарын әмелге асырмақшы болған исбилерменлерге сырт ел валютасында жыллық 5%, миллий валютада жыллық 12%лик 10 жыл мүддетке 5 жыллық жеңилликли дәўир менен кредит ажыратылады (1-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл);

«Исбилерменликти раўажландырыў қоры» Қарақалпақстанда бизнес жойбарын әмелге асыратуғын исбилерменлерге алатуғын кредитиниң 5 млрд сумлық бөлегине кепиллик бериледи (3-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл);

Киши ҳәм де жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкалары, имарат ҳәм қурылыслар меншиклестирип бериледи (3-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл);

Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында бизнес жойбарды әмелге асыратуғын исбилерменлерге жер участкасы аукционсыз узақ мүддетке ижараға бериледи (3-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл);

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жаңадан дүзилип, бизнесин айландырыўға пулы болмаған исбилерменлерге гиреў тәмийнатынан келип шығып БЕМның 1000 есесине (340 млн сум) шекем Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан (ҳәзир 14%) көп болмаған муғдарда кредит бериледи (8-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл);

Жасларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм ислеп шығарыў процесиндеги қәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде сырт еллерде оқып келиўи ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан (ҳәзир 14%) көп болмаған муғдарда кредит бериледи (8-бәнт, ПП-129-сан, 08.08.2023-жыл).

Даўамы бар …

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.0K views11:49
Ochish/sharhlash
2024-05-30 12:26:21 «Мусор»дан қарызы бар Нөкис қаласы турғынлары 1-июннан баслап қарызын толық төлемегенше «свет»сиз отырады

Президенттиң 04.01.2024-жылдағы ПП-5-санлы Пәрманына көре, 2024-жыл 1-июннан баслап шығынды (мусор) хызмети бойынша қарыздарлығы ҳаққында ескертилгеннен кейин қарызын төлемеген Нөкис қаласы турғынларының электр энергиясы ушын төлемлери қабылланбайды.

Яғный, «мусор»дан 6 айлық қарызы бар Нөкисте жасаўшы пуқараның «свет»ке пул төлеў имканы шекленип, қарызы толық төленбегенше «свет»сиз отырады.

Бул шеклеў биринши болып 2024-жыл 1-июннан баслап Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлар орайлары ушын шығынды хызметинен 6 айлық қарызы бар пуқаралар ушын енгизилип атыр.

Кейинги басқышларда төмендеги тәртипте басқа аймақларға да енгизиледи:

2024-жыл 1-ноябрден баслап – республиканың барлық район (қала)ларында 3 айлық қарызы бар пуқаралар ушын;

2025-жыл 1-январдан баслап – республиканың барлық район (қала)ларында 1 айлық қарызы бар пуқаралар ушын.

Постты Нөкислилерге тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.0K viewsedited  09:26
Ochish/sharhlash
2024-05-30 08:45:13 Шет тиллери ҳәм улыўма билимлендириў пәнлерин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими тастыйықланды

Ҳүжжетте төмендегилердиң дизимлери бар:

1. Шет тиллерин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими ҳәм олардың муўапықлық дәрежеси

2. Орта арнаўлы, профессионал, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге кириўде тән алынатуғын шет тиллерин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ҳәм халықаралық сертификатлар дизими

3. Улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў системасында ислеўши педагог хызметкерлерге үстеме белгилеўде қолланылатуғын шет тиллерин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими

4. Улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў системасында ислеўши педагог хызметкерлерге үстеме белгилеўде қолланылатуғын улыўма билимлендириў пәнлери бойынша миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими

5. Жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кириўде жеңиллик беретуғын улыўма билимлендириў пәнлери бойынша миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими.

Дизимлер менен бириктирилген файл арқалы танысып алың.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
10.5K viewsedited  05:45
Ochish/sharhlash
2024-05-29 18:12:14 Пуқараларды дәптерлерге киргизиў ҳәм дәптерлердеги пуқараларға жәрдем бериў ўазыйпалары “Мәҳәлле жетилиги”не өткерилген

Президенттиң 21.12.2023-жылдағы ПҚ-402-санлы қарарына бола, мәҳәллениң жәмийет турмысындағы ролин арттырыў мақсетинде мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторы жәмийетлик баслама тийкарында ислеўши “Мәҳәлле жетилиги” шөлкемлестирилди.

Усы қарарға тийкар, 2024-жыл 1-марттан баслап “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери”не пуқараларды киргизиў, сондай-ақ, оларға Халықты исбилерменллике тартыў қоры, Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры ҳәм Өнерментшилик ҳәм қол мийнетин қоллап-қуўатлаў қоры арқалы жәрдем көрсетиў ҳәм субсидия бериў “Мәҳәлле жетилиги” қарары менен әмелге асырылады.

Сондай-ақ, усы қарар менен “Мәҳәлле жетилиги” қарары тийкарында көрсетилетуғын 64 түрдеги жәрдем ҳәм ажыратылатуғын субсидия түрлери дизими тастыйықланған.

Постты ҳәммеге тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.0K views15:12
Ochish/sharhlash
2024-05-29 16:15:47 Майыплығы болған перзентлердиң аналары пенсияға 5 жыл алдын шығыўы мүмкин

Нызамшылыққа көре, балалықтан майыплығы болған перзентлердиң аналары оларды 8 жасына шекем тәрбиялаған болса ҳәм жумыс стажы 20 жыл болған жағдайда 5 жыл алдын, яғный 50 жаста жасқа байланыслы пенсияға шығыў ҳуқықына ийе.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.6K views13:15
Ochish/sharhlash
2024-05-29 14:03:41
«Өзбек тилин билмеген пуқараға ҳәттеки мәмлекетлик хызмет те көрсетилмеўи керек» – Алишер Кадыров.

Усы жылдың 14-май күни «Миллий тикланиш» партиясының баслығы Алишер Кадыров мәмлекетлик тилди (өзбек тилин) билмеген адам мәмлекетлик жумыста ислей алмаўы ҳәм мәмлекетлик хызметлерден де пайдалана алмаўы керек деген усыныс пенен шыққан.

29-май күни, яғный В.Путин келип кеткеннен кейин, А.Кадиров: «Орыс тилин үйрениў жасларымыз ушын инглис, қытай, араб ҳәм парсы тиллерин үйрениў қатарында жүдә пайдалы екенлигин ҳеш қашан бийкар етпегенмен, буннан кейин де бийкар етпеймен».

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
18.1K viewsedited  11:03
Ochish/sharhlash
2024-05-29 10:28:01
«Мусор»ды көшеге таслап кетиўге әдетленген пуқаралар дыққатына!

Енди «мусор»ды белгиленбеген жерге таслағаныңызды экология инспекторлары көрмесе де, камералар «көрип қалыўы» мүмкин.

Мағлыўматларға қарағанда, белгиленбеген жерлерге шығынды таслаў жағдайларын бақлаў ушын Өзбекстан бойынша 200 камера орнатылған. Бул камералар арқалы анықланған ҳуқықбузыўшылық бойынша пуқараларға туўрыдан-туўры жәрийма қолланылады.

Мағлыўмат ушын. Белгиленбеген жерлерге шығынды таслаған пуқараларға 1 млн сумға шекем, лаўазымлы шахсларға 6,8 млн сумға шекем жәрийма салынады.

Постты ҳәммеге тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.4K views07:28
Ochish/sharhlash
2024-05-27 19:17:18 Енди тәлим кредити тек күндизги тәлимде оқыйтуғын студентлерге ҳәм шекленген муғдарда бериледи

Президенттиң 27.05.2024-жылдағы ПП-82-санлы Пәрманына бола, 2024/2025-оқыў жылынан баслап:

жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқыў ушын тәлим кредити тек күндизги тәлим формасында оқыўшы студентлер хәм оқыўшыларға төмендеги шәртлерде бериледи:

ЖООның 1-курс студентлерине ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшыларыны ушын төлемли контракт суммасы муғдарында;

ЖООның екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши ”3”тен пәс болған жағдайда контракт суммасының 80% муғдарында ажыратылады.

Бунда Кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары болған студентлер хәм оқыўшылар ушын бул шеклеўлер тәсир етпейди.

Сондай-ақ, быйылғы оқыў жылынан баслап тәлим кредитин алыў ушын арзаны my.gov.uz арқалы бериў имканы жаратылады.

Постты студентлер ҳәм абитуриентлерге тарқатың.

@XALIQ_USHIN - Сизиң ҳуқықларыңызды түсиндириўши канал!
6.5K viewsedited  16:17
Ochish/sharhlash