Get Mystery Box with random crypto!

“Отпускной” пул қашан төлениўи керек? Пуқарадан сораў: «Мен | XALÍQ USHÍN ⚖️

“Отпускной” пул қашан төлениўи керек?

Пуқарадан сораў: «Мен отпускке шыққаныма үш күн болды. Бирақ усы күнге шекем отпускной пулларымды бухгалтер төлеп бермеди. Бул отпуск пулын төлеўдиң анық ўақты нызамда жазылған ба?»

Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар, ҳәр жылғы мийнет дем алысында (отпускта) болған ўақты ушын хызметкердиң орташа ис ҳақысы сақланады.

Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын пул төлеў жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ «отпуск» (мийнет дем алысы) басланыўынан алдынғы ақырғы жумыс күнинен кешиктирилмей әмелге асырылады.

Яғный, мысалы, хызметкер «отпуск»қа 2024-жыл 1-марттан баслап шығып атырған болса, оның «отпускной» пулы 2024-жыл 29-февралдан кешиктирилмей төлеп берилиўи керек.

Пуқараның жағдайында оның мийнет дем алысы пулы өз ўақтында төленбеген ҳәм ҳуқықы бузылған есапланады. Бул жағдай бойынша пуқара бәнтликке көмеклесиў орайына шағым етсе, жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына көре, 3,4 млн сум жәрийма салыныўы мүмкин.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin